Район аймағында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳаққында
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасыныӊ 2021-жыл 11-июлдағы 11/6-2996-санлы усыныс хатын көрип шығып, Өзбекстан Республикасының «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳаққында»ғы Нызамы («Ўзбекистон Республикаси қонун ҳужжатлари тўплами», 2013 йил 15 апрель, 15-сон, 197-модда)ның
7-статьясына, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 25-статьясына муўапық, район аймағында транспорт қуралларының ҳәрекетлениўин тәртипке салыў, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде,
Ш Е Ш И М Е Т Е М Е Н :
- Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасыныӊ 2021-жыл 11-июлдағы 11/6-2996-санлы усыныс хаты мақуллансын.
- Жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў ҳәм ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде, Республикалық әҳмийеттеги
4Р-178 «Қумшүӊгил темир жол станциясы-Кегейли-Қазанкеткен» автомобиль жолыныӊ 3-4 км аралығындағы жергиликли әҳмийеттеги 4К-3”г” “Халқабад айланба жолы“ менен кесилиспесине 1.8. «Светофор тәртипке салады» белгиси бойынша жаңадан заманагөй диодлы светофор үскенеси орнатылсын. - Районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы (Т.Пирназаров)на жоқарыда аты көрсетилген көшелер кесилиспесине белгиленген тәртипте тийисли диодлы светофор үскенесин орнатыў
ҳәм оның тийисли тәртипте сақланыўын тәмийинлеў тапсырылсын. - Бул шешим «Кегейли турмысы» газетасында (Е.Маханбетов) рәсмий түрде жәриялансын ҳәм район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайтына (Т.Мухиятдинова) жайластырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары А.Отемуратовқа жүкленсин..
- Бул шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди