Белгиленген режеге тийкар, Кегейли районы ҳәкимлигинде районда қурылыс тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша район ҳәкимлигиниң қурылыс жумыслары бойынша бас қәнигеси Б.Кадиров пенен ашық сәўбет ɵткерилди. Ашық сәўбет даўамында халықтыӊ турмыс шараятын жақсылаў, елатлы пунктлердеги ишки жолларды ҳәм көшелерди оӊлаў бойынша районда бир қатар жумыслар алып барылып атырған жумыслар бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди.
Ашық сәўбетте бүгинги күнде халықтың кɵп мүрәжатларына себеп болып атырған жол қурылысы тараўына айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2024-жыл
11-октябрдеги «Қалалар ҳәм басқа елатлы пунктлер көшелери ҳәмде ишки хожалық жоллары инфраструктурасын жәнеде жетилистириў ҳақкында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2025-жылда район аймағындағы ишки жолларды ҳәм көшелерди оӊлаў бойынша мәнзилли бағдарлама ислеп шығылған.
Бағдарламада Кегейли районы аймағында 2025-жылы жәми 13,3 км болған топырақ жолларға 4,0 млрд.сўм пул қаржылары есабынан қум-щебень араласпасын (ЩПС) жатқызыўға қурылыс-оӊлаў жумысларын алып барыў белгиленген. Усыған тийкар, Кегейли районлық Абаданластырыў басқармасы тәрепинен көрсетилген қурылыс-оӊлаў жумысларын алып барыўда жәми 13,3 км узынлықтағы жолларды ҳәр бир аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймағындағы аўыллар ҳәм көшелер атамалары менен ишки жолларды оӊлаў бойынша мәнзилли бағдарлама ислеп шығылған.
Кегейли районы хәкимлиги Мәлимлеме хызмети