Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында болып өтетуғын саммит жумысында Европа кеңесиниң ҳәм комиссиясының ағзалары, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан Президентлери қатнасады.
Бул саммит Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа басқышын баслап береди. Геосиясий жағдай өзгерип атырған ҳәзирги шараятта, Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия арасындағы қатнасықлар жылдан-жылға стратегиялық жақтан жүдә әҳмийетли кѳринис алмақта. Саммит даўамында Европа Аўқамы транспорт ҳәм санлы технологиялар, шийки ѳнимлер, экономика ҳәм қәўипсизлик мәселелери, энергетика тараўларында бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша келисимлер жүргизиледи. Өзбекстанның Европа мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамының институтлары менен бир нешше тараўлардағы байланысларын раўажландырыўға қаратылған басламалары айрықша орын ийелейди. Бул бағдарда әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжесинде, бүгин Өзбекстанның Франция, Германия сыяқлы ири экономикалық потенциалға ийе Европа мәмлекетлери, сондай-ақ, ЕА менен саўда-экономикалық байланыслары барған сайын кеңейип бармақта. Ҳәзирги күнге шекем Орайлық Азия ҳәм ЕА мәмлекетлери арасында экономикалық бирге ислесиў байланысларын жаңа басқышқа алып шығыў бағдарында иске қосылмаған имканиятлары оғада үлкен.
Европа Аўқамы тарийхына нәзер тасласақ, Екинши жәҳән урысының ақыбетлери себепли дүньяның көпшилик аймақлары сыяқлы Европа мәмлекетлери экономикалық тәрептен ҳәлсиреген, пүткил дүньяны қамтып алған кризис ҳалаты ўақтында келешек ушын уллы басламалар негизинде пайда болған. 1950-жылы Франция, Германия Федеративлик Республикасы ҳәм Францияны өзлериниң металлургия, темир ҳәм көмир санаатларын бирлестириўге шақырады. Бул баслама пүткил Европаны бирлесиўге жетеклейтуғын баслама болды. Дәслеп металлургия, темир ҳәм көмир санааты тараўларында жолға қойылған бирге ислесиў ҳәм ағзалары тек ғана Белгия, Батыс Германия, Франция, Италия, Люксембург ҳәм Нидерландиядан ибарат болған Европа көмир ҳәм полат бирлеспеси, бүгин бәршемизге белгили болған ЕАға айланды. Бүгинги күнде бул шөлкемге ағза мәмлекетлер саны 30 дан асты.
Өзбекстанда басқышпа-басқыш қолайлы бизнес орталығы қәлиплеспекте. Нәтийжеде мәмлекетимиз ҳәм Европа Аўқамы арасындағы экономикалық бирге ислесиўде унамлы пәт бақланбақта. 2024-жылы Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери арасындағы товар алмасыў көлеми 6,4 миллиард долларға жетти, бул 2023-жылға салыстырғанда 5,2 процентке көп. Мәмлекетимизде Европа капиталының қатнасыўында мыңнан аслам кәрхана жумыс алып бармақта, инвестициялық жойбарлардың көлеми болса 30 миллиард евроға жеткен. ЕА менен қатнасықлардың тез ҳәм турақлы өсиўи 2016-жылдан кейинги дәўирге туўра келеди. Сол ўақыттан баслап мәмлекетимиз дүнья мәмлекетлери ушын өз есиклерин ашып, глобал экономикаға қәдем таслады. Ҳәзир дүнья экономикасында глобал анықсызлығы бағдарында Орайлық Азия мәмлекетлери тек ғана бир бағдарда бурыннан бирге ислесип киятырған мәмлекетлер менен ғана емес, бәлким ҳәр тәреплеме байланысларды орнатыў зәрүрлиги туўылмақта. Бүгинги күнде Европа Аўқамы Орайлық Азия мәмлекетлери менен саўда ҳәм инвестициялық байланысларда саўда айланысы 54 миллиард евроны қурады. Регионымызда бақланып атырған унамлы процесслер нәтийжесинде Орайлық Азия қүдиретли ҳәм жетекши мәмлекетлердиң исенимли шеригине айланбақта.
Усы тийкарда Самарқанд саммитинде Европа Аўқамы ҳәм регионымыз мәмлекетлери арасында стратегиялық шериклик ҳәм өз-ара байланыслылықтың раўажланыўында жаңа бағдарлар ашады. Саммит тек ғана Өзбекстан емес, ал пүткил Орайлық Азия ушын Европа менен стратегиялық байланысларды тереңлестириўде жаңа дәўирди баслап береди. Өзбекстанның ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат жолы, экономикалық реформалары ҳәм регионаллық бирге ислесиўге умтылыўы бул процессте әҳмийетли орын ийелейди.
Б.Матеков.
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бѳлими баслығы.
Районлық Кеңес депутаты.