Мәҳәлледеги социаллық хызметкерлер тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳәм күтилип атырған нәтийжелер бойынша баспасɵз конференциясы ɵткерилди.

24.01.2025 10:44:15 1 Баспаға шығарыў

Кегейли районындағы мәҳәллелерде жумыс алып барып атырған  социаллық хызметкерлер тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳәм күтилип атырған нәтийжелер бойынша баспасɵз конференциясы ɵткерилди.

Онда, Кегейли районындағы 16 мәҳәлледе хызмет алып барып атырған социаллық хызметкерлердиң 2024-жыл даўамында әмелге асырған жумыслары ҳәм алдағы ўазыйпалары бойынша кең түрде толық мағлыўматлар берилди. Баспасɵз конференциясында атап ɵтилгениндей, социаллық хызметкерлер тәрепинен социаллық қорғаўға мүтәж болған пуқараларға 12 тайыпадағы хызметлер кɵрсетилген ҳәм бул әмелий жумыслар быйылғы жыл даўамында да әмелге асырылатуғынлығы атап ɵтилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

 

24.01.2025 10:44:15 2