“Ҳудудгаз Қарақалпақстан” филиалы “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлими баслығының Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 24-сентябрьдеги “Тәбийғий газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын енгизиў” жойбарын әмелге асырыўға тийисли ис-иләжлары ҳаққындағы ПҚ-4840-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында

23.02.2021 18:35:17 1118 Баспаға шығарыў

«Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 24-статьясына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 24-сентябрьдеги “Тәбийғий газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын енгизиў” жойбарын әмелге асырыўға тийисли ис-иләжлары ҳаққындағы ПҚ-4840-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслары туўралы “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” филиалы “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлими баслығы С.Нзановтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” филиалы “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлими баслығы С.Нзановқа, жойбар шеңберинде:
  • ажыратылатуғын қарежетлерден мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў ҳәм белгиленген илажларды  өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў;
  • электрон газ есаплағышларын орнатыў ҳәм система имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелий оқыў шынығыўлар шөлкемлестириў ҳәмде тийисли хызметкерлердиң көнликпе ҳам тәжирийбелерин асырып барыў;
  • электрон газ есаплағышларының тутыныўшыларға орнатыўда белгиленген тәртипке қатаң әмел қылыўы ҳәмде тутыныўшылардың ҳуқықлары бузылыўының алдын алыў;
  • халыққа жеткерилип берилип атырған табийғий газ жоғалтыўларын сапластырыў бойынша режелестирилген нәтийжеликти тәмийинлеў;
  • төлемлерди өз ўақтында ҳәм толық муғдарда өндирилиўин тәмийинлеў үстинен қатаң қадағалаў орнатыў бойынша айқын иләжлар белгилесин.
  1. Кегейли районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратовқа:

тәбийғий газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасы енгизилиўи бойынша тийисли тәртипте қадағалаў орнатыў, анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў;

системаны енгизиўди шөлкемлестириў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин, дебиторлық қарыздарлықларды кемейттириў ҳәм нызамсыз жалғап алыўларға шек қойыў бойынша жумысларына баҳа бериў, бул бағдарда кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкер хызметкерлердиң өз лаўазымына ылайықлылығы бойынша район ҳәкимине усыныс киритип барсын.

  1. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммунал хожалығы мәселелери ҳәм халыққа хызмет көрсетиў бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң баслығы                          Д.Утемуратов

23.02.2021 18:35:17 1119