Кегейли районы аймағындағы ҳәрекет етип турған жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус тәрепинен нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырылғанлығы ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажының бөлистирилиўи ҳаққында

26.02.2021 18:21:23 501 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020 жыл 16-марттағы “Мәмлекетлик емес нотариал жумысын тәртипке салыўшы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 156-санлы қарарын басшылыққа алып, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң 2021-жыл 3-февральдағы 7/1-6/139-санлы хатына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси 

ШЕШИМ  ЕТЕДИ:

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020 жыл 16-марттағы “Мәмлекетлик емес нотариал жумысын тәртипке салыўшы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 156-санлы қарары басшылыққа алынсын.
  2. Кегейли районы аймағындағы жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус Атамуратов Бахытбай Орынбаевич тәрепинен 2020 жылдағы әмелге асырылған нотариал жумысларының аўҳалын үйрениў жуўмағы менен нотариал ҳәрекетлер ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажы төлемлериниң нотариустың ықтыярында қалдырылатуғын муғдарын қайта көрип шығыў бойынша депутатлық топарының усынысы мақуллансын.
  3. Халыққа нотарил хызметлерин көрсетиўдиң сапасын жақсылаў мақсетинде, сондай-ақ өзин-өзи қаржыландырыў имканиятының төмен екенлигин есапқа алып, нотариал ҳәрекетлер әмелге асырылғанлығы ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажының район бюджетине келип түсетуғын бөлегиниң 10 пайызын кемейттириў есабынан мәмлекетлик бажының 20 пайызға шекемги бөлегин Кегейли районы аймағындағы жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус Атамуратов Бахытбай Орынбаевичтиң ықтыярында қалдырыў ҳуқықы берилсин.
  4. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигине (Б.Атамуратов) жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус Атамуратов Бахытбай Орынбаевич ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң балансындағы имәратта ижара шәртнамасы тийкарында жумыс алып барып атырғанлығын есапқа алып, оған қолайлы шарт-шараят жаратып бериўде әмелий жәрдем бериў усыныс етилсин.
  5. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәслелери бойынша комиссиясына жүкленсин.

 

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң баслығы:                             Д.Утемуратов

26.02.2021 18:21:23 502