Бүгин райондағы “Мәденият” мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен аймақтағы пуқаралар жыйыны имаратында ушырасыў жыйналысы болып өтти.
Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Н.Аметова, Халық депутатлары районлық Кеңесине Өзбекстан экологиялық партиясынан депутат Б.Бегжанов, район бас имам-хатиби А.Юсупов ҳәмде райондағы бир қатар мәкеме, кархана ҳәмде шөлкемлер ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыўға депутатлар дәрепинен өз искерлиги даўамында алып барған жумыслар бойынша есабатлары тыңланды.
Сондай-ақ, аймақ турғынлары аймақтағы бир қатар машқалалары мәселелер бойынша мүрәжатлерин билдирип өтти.
Ушырасыўда мүрәжат еткен пуқаралардың машқалалары үйренилип, орынланыўы қадағалаўға алынды.