Кегейли районы аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм аймақта жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый аўҳалларды талқылаў ҳаққында

23.02.2021 18:17:32 428 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018 жыл 24 декабрьдеги “Жәмийетшилик қәўипсизлигин тәмийинлеў нәтийжелилигин асырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПҚ-4075-санлы қарары ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 24-статьясына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Кегейли районы аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм аймақта жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый аўҳаллары ҳаққындағы мәселе бойынша Кегейли районлық ишки ислери бөлими баслығының орынбасары Тилеумуратов Азамат Махсетовичтиң баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлигине, районлық ишки ислер бөлимине:
  • – аймақта жүз берген, биринши нәўбетте социаллық-турмыс түстеги жынаятлардың келип шығыў себеплери ҳәм шараятларын үйренип шығыў, ҳуқыққа қылаплық ҳәрекетлерди келтирип шығарған себеплерди анықластырыў ҳәмде жуўапкер лаўазымлы шахслардың ҳәрекетсизлигине тийисли баҳа берип барыў ҳәм шаралар көриў;
  • жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелигин асырыў бойынша мәнзилли усыныслар ислеп шығыў;
  • ҳуқыққа кылаплық ҳәрекетлер бойынша өз ўақтында тәсир шараларын көриў;
  • ҳуқықбузарлықлар профилактикасы жумысларында тийисли органлар мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң қатнасыўын тәмийинлеў ҳәм олардың бирге ислесиўин шөлкемлестириўде тәсиршең ис-иләжлар белгилеў ҳәм қадағалаўын орнатыў;
  • жынаятлар дәрежеси пәсейген, олардың алдын алыў ҳәм болдырмаў  бойынша өз ўақтында иләжлар көрилген аймақларда тийисли пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм белсендилерин, профилактика инспекторларын хошеметлеп барыў иләжларын көриў тапсырылсын.
  1. Мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшыларына:

– жынаятшылықтың алдын алыў, әсиресе урлық жынаятының алдын алыў мақсетинде жәмийетлик орынларда, базарларда, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң аймақларында велосипедлер турар орынларын (велопарковка) шөлкемлестириў иләжларын көрсин.

  1. Район аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумыслардың нәтийжелери, әсиресе аймақта садир етилген аўыр ҳәм оғада аўыр жынайый аўҳаллар ҳаққындағы мәселе ҳәр айда Халық депутатлары районлық Кеңестиң сессияларында ҳәм тийисли турақлы комиссия мәжилислеринде талқыланып барылсын.
  2. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәслелери бойынша комиссиясына жүкленсин.

 

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң баслығы                            Д.Утемуратов

23.02.2021 18:17:32 429