Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2022 жыл
30-декабрьдеги 300/XL-санлы қарарына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2022 жыл
30-декабрьдеги 300/XL-санлы қарарыменен Кегейли районының2023 жылғы жергиликли бюджетиниң дәраматларҳәмқәрежетлер прогнозкөрсеткишлериниң белгиленгенлигимағлыўматушын қабыл етилсин.
2.Кегейли районы бюджети дәраматларының 2023-жылдағы прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;
– Кегейли районы район бюджетинен 2023-жылғы жергиликли бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қәрежетлердиң улыўма шекленген муғдарлары 2-қосымшаға муўапық;
– 2023-жыл ушын район жергиликли бюджетиниң дәраматлары ҳәмде қәрежетлериниң шекленген муғдарлары3-қосымшаға муўапық;
– 2023-жыл район жергиликли бюджетлерине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансферт муғдары4-қосымшаға муўапық;
– 2023-жыл Кегейли районы ҳәкимлигиниң сақлаўлы қоры муғдары
5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Район ҳәкимлиги тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте:
– 2023-жыл ушын бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң толық орынланыўын тәмийинлеў, бюджет дәраматларының жаңа дереклерин излеп табыў, резервлерди толық иске түсириў есабынан бюджетке қосымша дәраматлар көбейтиў;
– экономикада терең структуралық өзгерислерге қаратылған актив инвестициялық сиясатты буннан былайда жеделлестириў, экономиканың әҳмийетли тармақларын финанслық қоллап-қуўатлаў, заманагөй жол-транспорт ҳәм инженерлик инфраструктураны раўажландырыў есабынан жоқары экономикалық өсим пәтлерин тәмийинлеў;
– макроэкономикалық турақлылықты жәнеде беккемлеў мақсетинде финанслық системаны жетилистирип барыў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў есабынан халқымыздың жасаў шәраятларын жақсылаў ҳәм олардың дәраматларын арттырыў;
– аймақларды социал-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын жедел әмелге асырыў арқалы дәраматлар базасын кеңейтиў, бюджетлер аралық қатнасықларды жәнеде раўажландырыў ҳәм жергиликли бюджет қәрежетлерин жылма-жыл оптималластырып барыў;
– келеси жылы бюджеттиң тийкарғы параметрлериниң орынланыўын тәмийинлеў мақетинде бюджет қаржыларының мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў иләжларын әмелге асырыў тапсырылсын.
- Районлық финанс бөлими (Д.Ибрагимов) ҳәм районлық салық инспекциясы (Қ.Қадиров) :
– жергиликли бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң тастыйықланған көрсеткишлериниң толық орынланыўын тәмийинлесин;
– жергиликли бюджет дәраматларының прогноздан артық орынланған бөлеги есабынан пайда болған қаржылардыңрайонның экономикалық потенциалын көтериўге, мәнзилли бағдарламалардың орынланыўы ушын жумсалыўына айрықша итибар қаратсын.
- Халық депутатлары районлық Кеңеси жергиликли бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша турақлы түрде қадағалаў орнатып, жергиликли бюджет дәраматлары прогноз көрсеткишлериниң орынланыў барысыҳәр шеректе сессияларда терең талқыланып барылсын.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2022-жыл
21-январьдағыХалық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2021-жыл 30-декабрьдеги “Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2022-жылғы
параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы VI-43-80-13-184-К/21-санлы
шешимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы шешими2022-жыл 31-декабрден өз күшин жоғалтқан деп есаплансын. - Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойыншатурақлы комиссиясына тапсырылсын.
- Усы шешим «Кегейли турмысы» газетасында рәсмий жәриялансын ҳәмде ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырылсын.
- Шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Халық депутатлары Кегейли
районлық Кеңесиниң баслығы: Д. Утемуратов
Кегейли районы бюджети дәраматларының 2023-жылдағы прогноз көрсеткишлери | ||
млн.сўмда | ||
Дәрамат түрлери | Жәми | |
I | ЖӘМИ | 23 726.2 |
1 | Юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығы | 0.0 |
2 | Айланбадан алынатуғын салық | 700,0 |
3 | Физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы | 390.0 |
4 | Исбилерменликтиң айырым түрлери бойынша қатаң белгиленген салық | 0,0 |
5 | Қосымша қун салығы | 0,0 |
6 | Акциз салығы, жәми | 0 |
– бензин, дизел жанылғысы ҳәм газ реализациясынан салық | 12 000,2 | |
7 | Юридикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық | 623.0 |
8 | Физикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық | 1 350.0 |
9 | Юридикалық түреплер жер салығы | 1 928,0 |
10 | Физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы | 5 150.0 |
11 | Жер асты байлықларынан пайдаланғанлығы ушын салық (руда емес материаллары) | 400.0 |
12 | Суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық | 1 185.0 |
13 | Бөлистирилетугын дәрамат | 0.0 |
II | Өткерип берилетуғын қаржылар | 0.0 |
III | Тарнсфертлер | 85 721.2 |
ЖӘМИ ДӘРАМАТЛАР | 109 447.5 |
Кегейли районы район бюджетинен 2023-жылғы жергиликли бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қәрежетлердиң улыўма шекленген муғдарлары жойбары | |||
мың.сўм | |||
т/н | Көрсеткишлер | Суммасы | |
Жәми қәрежетлер | 109 447 550,0 | ||
1 | Районлық Халық билимлендириў бөлими | 12 220 703,0 | |
соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 12 220 703,0 | ||
2 | Районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлими | 5 186 003,0 | |
соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 5 186 003,0 | ||
3 | Районлық Ден саўлықты сақлаў тараўы мәкемелери | 13 728 717,0 | |
соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 13 728 717,0 | ||
4 | Районлық мәданият тараўы мәкемелери | 1 202 000,0 | |
соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 1 202 000,0 | ||
5 | Районлық спорт тараўы мәкемелери | 2 364 000,0 | |
Соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 2 364 000,0 | ||
6 | Районлық Фермер хожалықлары бухгалтериясы орайы | 639 035,0 | |
соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 639 035,0 | ||
7 | Районлық Абаданластырыў басқармасы | 16 340 163,0 | |
соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 13 340 163,0 | ||
ишки жоллар |
3 000 000,0 |
||
8 | Районлық суў хожалығы мәкемелери | 2 117 267,0 | |
соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 2 117 267,0 | ||
9 | Районлық Ветеренария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими | 1 357 181,0 | |
соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 1 357 181,0 | ||
10 | Көп балалы ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға напақалар ҳәм компенсациялар. | 33 698 644,0 | |
11 | Жергиликли бюджетлерде ҳәким жәрдемшилериниң усыныслары тийкарында мәҳалле инфраструктурасын жақсылаў ушын | 578 705,0 | |
12 | Сақлаўлы қор қәрежетлери | 1 032 524,0 | |
13 | Пуқаралардың пикири тийкарында қәлиплескен иләжларға жөнелтириў | 5 162 620,0 | |
14 | Социаллық көнликпе орайлары. | 54 192,0 | |
15 | Районлық басқарыў уйымлары | 10 255 536,0 | |
соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 10 255 536,0 | ||
16 | Пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары қәрежетлери. | 3 510 259,0 | |
соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 3 510 259,0 |
2023-жыл ушын район жергиликли бюджетиниң дәраматлары ҳәмде қәрежетлериниң шекленген муғдарлары |
|||
млн.сўм | |||
№ | Қала ҳәм район аты | Дәраматлар | Қәрежетлер |
1 | Кегейли районы | 23 726,2 | 109 447,5 |
Жәми | 23 726,2 | 109 447,5 |
2023-жыл район жергиликли бюджетлерине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансферт муғдары | ||
млн. сўм | ||
№ | Район аты | Тәртипке салыўшы трансфертлер |
1 | Кегейли районы | 85 721,2 |
|
2023-жыл Кегейли районы ҳәкимлигиниң сақлаўлы қоры муғдары | |
млн. сўмда | ||
Т/р | Аймақлар атамасы | Сақлаўлы қорлары муғдары |
1 | Кегейли районы | 1 033,0 |