Кегейли районында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў жумыслары даўам етпекте. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы Қарарына тийкар Кегейли районында жәми 920 шаңарақтың үй жайының төбесин шиферлаў, 4 шаңараққа жаңадан ўй курып бериў белгиленген.
Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 22-Қылқалы сайлаў округинен депутат Е.Мухамбетов “Жанабазар” МПЖ аймағында қарардың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Үйрениў барысында пуқаралар қарар тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслардан миннетдар екенлигин билдирип өтти.









