“Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясы ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Регламентиниң 17-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Босап қалған орынларға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 2023 жыл 5-ноябрь күни болып өткен сайлаўдың жуўмақлары ҳаққында Кегейли районлық сайлаў комиссиясының баслығы Қ.Убайдуллаевтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине:
– 3-Жамбыл сайлаў округинен сайланған депутат Камалов Айбек Қудабаевичтиң;
– 7-Дарўаза қум сайлаў округинен сайланған депутат Жаңабаев Баҳадыр Жолымбет улының;
– 8-Қумшунгил сайлаў округинен сайланған депутат Ерниязова Гулчехра Жуманиязовнаның;
– 9-Нөкис сайлаў округинен сайланған депутат Алланиязова Алмахан Аманбаевнаның;
– 10-Пахта пункт сайлаў округинен сайланған депутат Мырзатаев Махмуд Жиенбаевичтиң ўәкилликлери тастыйықлансын.








