Салы сортларын аймақлардың топрақ-ықлым шараятын есапқа алған ҳалда ақылға муўапық жайластырыў, белгиленген мүддетлерде егиў ҳәм тәрбиялаў, материаллық-техникалық ресурсларды ѳз ўақтында жеткерип бериў ҳәм ишки базарды сыпатлы ҳәм арзан гүриш ѳнимлери менен кепилли тәмийинлеў, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 18-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Кегейли районы ҳәкими
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң 2021-жыл 28-январдағы 01/013-172-санлы хаты ҳәм район ҳәкимлериниң салы жетистириў нәтийжелилигин асырыў мақсетинде 2021-жылда тийкарғы ҳәм ғәлледен босайтуғын майданларда салы егиў ҳаққындағы усыныслар қосымшаға тийкар тастыйықланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары
менен:
-Аўыл хожалық министрлиги (А.Якубов), Суў хожалығы министрлиги (Ж.Узақов) район ҳәкимлери менен биргеликте үш күн мүдетте 2021-жылда салы егилетуғын майданларды фермер хожалықлары кесиминде суў менен кепилли тәмийинленген майданларға жайластырыў тапсырылғанлығы;
-Аўыл хожалық министирлиги (А.Якубов) бир ҳәпте мүддете салы жетистириў ушын талап етилетуғын минерал туқым, жанылғы-майлаў материаллары, туқымлықлар муғдары ҳәм талап етилетуғын қаржылардың есап-китабының ислеп шығылыўы;
“Қарақалпақстан агрохимияқорғаў” АЖ (Ж.Балтабаев) 2021-жылда салы егилетуғын майданларға талап етилетуғын минерал тѳгинлерди ашық биржа саўдалары арқалы орынларға жеткерип берилиўин шѳлкемлестирилиўи;
“Тахиатош нефт базаси” ЖШЖ (Е.Абдимуратов) 2021-жылда салы ҳәм жетистириў ушын талап етилетуғын жанылғы-майлаў материалларын 100 пайыз алдыннан тѳлеў тийкарында саўлеленген нарықларды фермер хожалықларына белгиленген тәртипте шәртнама тийкарында жеткерип бериў тапсырылғанлығы;
Аўыл хожалығы министрлиги (А.Якубов) Өзбекстан аўыл хожалық илимий-ислеп шығарыў орайының Қарақалпақстан Республикасы бѳлими (С.Шамшетов) менен биргеликте:
-салыны жоқары технологиялар тийкарында егиў ҳәм тәрбиялаў бойынша усынысларды ислеп шығыў, салы жетистириўши фермер хожалықларына жеткериў ҳәм салы егилген майданларда агротехникалык илажларды усыныслар тийкарында әмелге асырылыўын шѳлкемлестириўде әмелий жәрдем кѳрсетиў;
фермер хожалықларында салы кеселликлери ҳәм зыянкес жәнликлерге қарсы гүресиў бойынша кѳргизбели оқыў-семинарлар шѳлкемлестирилиўи;
Өзбекистан Респкубликасы Министирлер Кеңеси жанындағы агросанаат комплекс үстинен қадағалаў инспекциясының Карақалпақстан Республикасы Басқармасы (А.Юлдашев) салының ѳз ўақтында егилиўи, минерал тѳгин ҳәм жанылғы-майлаў материалларын белгиленген тәртипте ѳз ўақтында жеткерилип бериўин қадағалаўға алынып барылыўы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
3 Район ҳәкиминиң орынбасары (Қ.Есенбеков), районлық Аўыл хожалық бѳлими (А.Юсупов), районлық Ирригация бѳлими (Қ.Примбетов) менен биргеликте үш күн мүддете 2021-жылда салы егилетуғын майданларды фермер хожалықлары кесиминде суў менен кепилли тәмийинленген майданларға жайластырыў тапсырылсын.
- Район ҳәкиминиң орынбасары (Қ.Есенбеков), районлық Аўыл хожалық бѳлими (А.Юсупов) бир ҳәпте мүддете салы жетистириў ушын талап етилетуғын минерал туқым, жанылғы-майлаў материаллары, туқымлықлар муғдары ҳәм талап етилетуғын қаржылардың есап-китабын ислеп шықсын.
5.“Қарақалпақстан агрохимияқорғаў”АЖ район филиалы (Р.Ережепов) 2021-жылда салы егилетуғын майданларға талап етилетуғын минерал тѳгинлерди ашық биржа саўдалары арқалы орынларға жеткерип берилиўин шѳлкемлестирсин.
“Тахиатош нефт базаси” ЖШЖ район филиалы (К.Юсупов) 2021-жылда салы ҳәм жетистириў ушын талап етилетуын жанылғы-майлаў материалларын 100 пайыз алдыннан тѳлеў тийкарында сәўлеленген нарықларды фермер хожалықларына белгиленген тәртипте шәртнама тийкарында жеткерип бериў тапсырылсын.
- Район ҳәкиминиң орынбасары (Қ.Есенбеков), районлық Аўыл хожалық бѳлими (А.Юсупов) менен биргеликте:
-салыны жоқары технологиялар тийкарында егиў ҳәм тәрбиялаў бойынша усынысларды ислеп шығыў, шалы жетистириўши фермер хожалықларына жеткериў ҳәм салы егилген майданларда агротехник илажларды усыныслар тийкарында әмелге асырылыўын шѳлкемлестириўде әмелий жәрдем кѳрсетиў;
фермер хожалықларында салы кеселликлери ҳәм зыянкес жәнликлерге қарсы гүресиў бойынша кѳргизбели оқыў-семинарлар шѳлкемлестирилсин.
- Өзбекстан Республикасы Министирлер Кеңеси жанындағы агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Карақалпақстан Республикасы Кегейли районлық бѳлими (Б.Қайыпназаров) салының ѳз ўақтында егилиўи, минерал тѳгин ҳәм жанылғы-майлаў материалларын белгиленген тәртипте ѳз ўақтында жеткерилип берилиўин қадағалаўға алсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Қ.Есенбековқа жүклетилсин.
Кегейли районы ҳәким: Д.Утемуратов