Кегейли районы Әдиллик бөлими тәрепинен алып барылған жумыслар

09.03.2021 08:39:44 1010 Баспаға шығарыў

2021 жыл 10 февраль күни Кегейли районы С.Айний көшеси 44 жайда жасаўшы пуқара Пахратдинов Досназар Рсалиевич өзине төлениўи тийис болған бирақ, усы күнге шекем төленбеген 5.995.000 сўм ис ҳақысын өндириўде әмелий жәрдем бериўди сорап Кегейли районы әдиллик бөлимине мүрәжаат етти.

Д.Пахратдиновтын мүрәжааты үйренилгенде төмедегилер анықланды.

Пуқара Д.Пахратдиновқа Кегейли МТП ЖШЖде 2019-2020 жыллар ислеген дәўири ушын 5.995.000 сўм ис ҳақылары төлеп берилмеген.

Сонлықтан Кегейли районы әдиллик бөлими тәрепинен пуқара Д.Пахратдиновтын ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде Кегейли МТП ЖШЖде ислеген дәўири ушын төленбей қалған 5.995.000. сўм ис ҳақысын өндириў ҳақкында суд буйрығын шығарыў бойынша Шымбай районлар аралық пуқаралық ислер бойынша судына 2021 жыл 11 февраль күни арза киритилди.

Шымбай районлар аралық пуқаралық ислер бойынша суды тәрепинен пуқара Д.Пахратдиновқа Кегейли МТП ЖШЖде ислеген дәўири ушын төленбей қалған 5.995.000. сўм ис ҳақысын өндириў ҳақкында суд буйрығы шығарылып Д.Пахратдиновтың мүрәжааты қанаатлантырылды.

 

 

Кегейли районы әдиллик бөлими баслығы                               С.Асанов

09.03.2021 08:39:44 1011