2023-жылда Өзбекстан Республикасында халықты дизимге алыў улыўма миллий илажи өткериледи

25.01.2021 15:12:26 574 Баспаға шығарыў

Ҳәр қандай мәмлекеттиң тарийхы – бул, биринши нәўбетте, онда жасайтуғын халықтың тарийхы, халқының саны ҳәм қурамы, оның экономикалық ҳәм социаллық характерлеринде ѳз аңлатпасын табады. Халық саны бойынша анық ҳәм жәмленген мағлыўматлар халықты дизимге алыў тийкарында алынады.

Халықты дизимге алыў жуўмақларына қарап ѳтмиш ҳәм ҳәзирги дәўир ҳаққында ой-пикирлер жүргизиў ҳәм келешекти прогноз қылыў мүмкин болады.

Яғный, халықты дизимге алыў мәмлекетте жасаўшы барлық адамларға тийисли болған демографиялық ҳәм социаллық-экономикалық мағлыўматларды жыйнаў, улыўмаластырыў, баҳалаў, анализлеў ҳәм дағаза етиўдиң бирден-бир процессин өз ишине алып, халық ҳаққында мағлыўматлардың тийкарғы дереги есапланады. Аймақларды раўажландырыў ҳәм жәмийеттиң социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына жәрдем көрсетиў бойынша сиясий ҳәм басқарыў қарарларын қабыл етиў ушын зәрүр мағлыўматларды алыў имканиятын береди. Бул халықтың санын исенимли есаплаў, сондай-ақ, анық белгилеп қойылған бирден-бир есапқа алыў дәўиринде халықтың жынысы, жасы, шаңарақ жағдайы, мағлыўматы, жасаў шараяты, бәнтлиги, миллети, пуқаралығы, сондай-ақ, басқа да демографиялық, социал-экономикалық түрлери бойынша жеке тәртипте есапқа алыў ҳәм толық тәрийиплеўдиң универсал усылын иске түсирген ҳалда рәсмий статистика системасында тийкарғы роль ойнайды. Жоқарыда атап өтилгениндей, бизде жақын 30 жыл даўамында халықты дизимге алыў илажлары әмелге асырылмады. Бул өз гезегинде объектив мағлыўматларды жыйнаў ҳәм социал-экономикалық режелерин анық режелестириў мәселелерине кери тәсир көрсетти. Яғный, қай жерде ҳәм қашан пүткүл халықты реал қамтып алатуғын емлеўхана, мектеп қурып питкериў, талапларына сәйкес қәнигеликлер таярлаў сыяқлы социаллық мәселелер артқа тарта баслайды.

Тарийхый дереклерге қарағанда, халықты дизимге алыў эрамыздан алдынғы 3 мың жыллықтан басланған. Бул процесс дәслеп Азия, Африка, Мысыр, Ҳиндистан, Қытай ҳәм Япония мәмлекетлерин қамтып алған.

М.Бекмуратов,
Кегейли районы Статистистика бөлиминиң баслығы.

25.01.2021 15:12:26 575