Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 11-ноябрьдеги “2020–2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарары тийкарында районда инвестиция жойбарларын әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районы ҳакиминиң орынбасары-инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы А.Аманбаевтың Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 11 ноябрьдеги “2020–2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарары тийкарында районда инвестиция жойбарларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары (А. Аманбаев) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
– 2020-2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасында белгиленген Кегейли районы бойынша инвестиция жойбарларының 2023-жыл ушын белгиленген мүддетлеринде иске түсирилиўин тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин ҳәм үшинши шеректиң жуўмағы менен бул мәселе Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессиясында қайта көрип шығылсын.
– жойбар басламашылары менен бирге белгиленген жойбардың орынланыўы бойынша исленип атырған жумыслардың барысын турақлы түрде талқылап, пайда болып атырған машқалалардың тез мүддетте шешилиўин тәмийинлеў;
– район аймағындағы экономикалық өсиў дәрежеси аўыр аймақларда инвестиция жойбарларын әмелге асырыў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ўазыйпалары жүкленсин.
– халық арасында пуқараларды исбилерменликке тартыў бойынша үгит-нәсиятлаў ҳәм түсиник жумысларын алып барыў;
– хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў, аўыл хожалығы, шарўашылық өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў ҳәмде басқа да ислеп шығарыўға байланыслы жаңа жойбарларды шөлкемлестириў тапсырылсын.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 11 ноябрьдеги ПҚ-4889-санлы қарары тийкарында аймақларда инвестиция жойбарларының орынланыўы үстинен қатаң депутатлық қадағалаўын орнатсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасарыларына (М.Ниязов, Қ.Атамуратов, А.Аманбаев) ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң тийисли турақлы комиссияларына жүкленсин.