Район ҳәкиминиң сессия аралығындағы қабыл етилген айырым шешимлерин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 12-ноябрдеги “Бирлемши медициналық санитария жәрдем мәкемелери искерлигине жаңа механизмлерди енгизиў ҳәм денсаўлықты саклаў системасында алып барылып атырган жаңаланыўлардың нәтийжелигин және де асырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-6110-санлы Пәрманы ҳаққындағы район ҳәкиминиң 2020-жыл 23-ноябрдеги 445-11-санлы шешими тастыйық етилсин.
- Кегейли районлық медицина бирлеспеси бас шыпакери (М.Досбергенов) усы шешим бойынша белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сыпатлы орынланыўы бойынша жуўапкер екенлиги атап өтилсин.
- Усы шешимниң орынланыўын кадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң “Социаллық-мәдений тараўды раўажландырыў, шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар мәселелери” бойынша турақлы комиссиясына жүклетилсин.