Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң қырқ төртинши сессиясы болып ɵтти

22.01.2022 10:31:52 313 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң

қырқ төртинши сессиясы болып ɵтти. Оған депутаталар, мәкеме кархана басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессия күн тәртибинде әҳмийетли деп табылған төмендеги он еки мәселе көрип шығылды.

 

Сессия инстаграм тармағы арқалы туўрыдан туўры эфирге берилди.

 

– Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының 2021-жыл даўамында пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға тийисли жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

– Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Кегейли районындағы Исбилерменлер муражатларын көрип шығыў қабыллаўханасы тәрепинен 2021 жыл даўамында исбилерменлердиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

– Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында.

  1. Кегейли районлық ишки ислер бөлиминиң 2021 жыл даўамында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2021-жыл                            30-декабрьдеги “Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2022-жылғы параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы VI-43-80-13-184-К/21-санлы шешимине өзгерислер киргизиў ҳаққында.

-2021 жылдың IV шерегинде Қарақалпақстан Республикасы республика бюджети есабынан ажыратылған қаржылардың ҳәм жергиликли бюджет қаржыларының жумсалыў жөнелислери ҳаққында.

– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2022-жылға мөлшерленген жумысының тийкарғы жөнелислериниң ис режеси ҳаққында.

– Кегейли районын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар кесиминде 2022-жылға мөлшерленген “Жол карта” сын тастыйықлаў ҳаққында.

– Кегейли районы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен  «Темир дәптери» тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларының барысы  ҳаққында.

– Кегейли районы ҳәкимшилик-аймақлык дүзилиси мәселелери бойынша  комиссиясының “Ақтуба”, “Жаңа базар”  аўыллары шегараларын ѳзгертиў ҳаққындағы жуўмағы туўралы

– Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.

– Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының
2022 жыл 10 январьдағы Г. Қайыповты Кегейли районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымынан босатыў ҳаққындағы 322-Б-санлы Бийлигин тастыйықлаў ҳаққында.

 

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

 

22.01.2022 10:31:52 314