Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң
қырық екинши сессиясы болып өтти. Онда Кеңес ағзалар, депутатлар ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияны Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов ашып берди. Күн тәртибинде төмендеги алты мәселе көрип шығылды:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2021 жыл даўамында мәмлекетлик органлар менен халықтың ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында
2.Кегейли районы прокуратурасы тәрепинен нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша 2021 жыл даўамында алып барылған жумысларының барысы туўралы есабаты ҳаққында.
- “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда әмелге асырылыўы тийис Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында Кегейли районы аймағында жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.
- Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.
- Кегейли районы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен «Темир дәптери» тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында.
- Кегейли районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары бойынша аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қолланыў ҳаққында