Кегейлиде “Әҳмийетли 40 күн” акциясы

03.11.2021 14:07:31 276 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районында “Жасыл мәскан” улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде “Әҳмийетли 40 күн” акциясы басланды.
Акцияда район ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор баслықлары белсендилик пенен қатнасты.
Акция шеңберинде район аймағында жәми 828 100 дана нәл отырығызыў режелестирилген. Нәллерди егиў менен бир қатарда район аймағын абаданластырыў, жап-салмаларды тазалаў жумыслары алып барылмақта.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

03.11.2021 14:07:31 277