Кегейли районы сектор басшыларының гезектеги қабыллаўы “Жүзимбағ” АПЖ аймағында болып өтти

07.12.2021 14:03:16 767 Баспаға шығарыў

Кегейли районы сектор басшыларының гезектеги қабыллаўы “Жүзимбағ” АПЖ аймағында болып өтти. Онда пуқарлар жолларды қайта оңлаў, ең шетки аймақларды ишимлик суўы, табийғый газ бенен тәмийинлеў мәселелри бойынша мүрәжат етти. Мүрәжатлардың унамлы шешилиўи бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди. Aйрым мүрәжатлар усы орынның өзинде унамлы шешим тапты. Сондай-ақ, пуқаралар тәрепинен билдирилген пикир усыныслардың орынланыўы бойынша жумыслар алып барылыўы да айрықша атап өтилди.

07.12.2021 14:03:16 768