2021-жыл 28-октябрь күни Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң отыз сегизинши сессиясы болып ѳтти

29.10.2021 13:57:27 134 Баспаға шығарыў

2021-жыл 28-октябрь күни Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң отыз сегизинши сессиясы болып ѳтти.
Сессия жумысын Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң баслығы Д.Утемуратов басқарып барды. Сессияның күн тәртибинде Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2021-жыл 9 айы даўамында орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында, Кегейли районы Әдиллик бѳлими баслығының мәмлекетлик уйымлары ҳәм шѳлкемлердиң норма дѳретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының аўҳалы туўралы мәлимлемеси ҳаққында, районда «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында, «Мәҳәллебай» ислеў системасы тийкарында ислеп шығылған 2021-2023- жылларда пуқаралар жыйынларын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша «Жол карта»сында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында, Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2021-жылдың 3-шерегиниң жуўмағы менен дараматлар режесиниң артық орынланған бѳлеги есабынан анықланған еркин қалдық қаржыларының жумсалыў жѳнелислери ҳаққында, Кегейли районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығының жергиликли бюджет дараматларының орынланыў жағдайлары туўралы есабаты ҳаққында, Кегейли районлық халық билимлендириў бѳлиминде ҳәмде бѳлимге қараслы мектеплерде нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының орынланыў барысы ҳаққында, «Тәбийий газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын шѳлкемлестириў жойбарын әмелге асырыў барысында алып барылып атырған жумыслары туўралы «Кегейлитумангаз» тәмийнаты бѳлими баслығының есабаты ҳаққындағы ҳәм Халық депутатлары районлық Кеӊеси ўәкилликлерине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылды ҳәм тийисли шешимлер қабыл етилди.

29.10.2021 13:57:27 135