Районымызда “Жыл ҳаялы” миллий таңлаўы болып өтти

28.10.2021 15:50:04 234 Баспаға шығарыў

Мәмлекетимиздиң социал-экономикалық раўажланыўында өзлериниң пидайы мийнетлери менен танылған, шаңарақта ҳәм перзент тәрбиясында жәмийет алдында үлги, өзлери хызмет етип атырған тараўларда белсенди болған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде “Жыл ҳаялы” миллий таңлаўының районлық басқышы болып ѳтти.

Жәмийет турмысында белсенди болып киятырған, ҳәр тәреплеме үлгили ҳаял-қызларды анықлаў, олардың пидайы мийнетлерин кең жәмийетшиликке таныстырыў, алдыңғы ис тәжирийбелерин ѳрнек етип кѳрсетиў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында шѳлкемлестирилген бул таӊлаўда райондағы 16 пуқаралар жыйынларынан 18 ҳаял-қызлар катнасып, «Жыл ҳаялы» бағдары ҳәм 7 номинация бойынша жеңимпазлар анықланды.
2021-жыл «Жыл ҳаялы» бағдары бойынша жеӊимпаз Жаӊабазар аўыл пуқаралар жыйыны «Арзыў» кѳп тармақлы фермер хожалығы баслығы Палзада Салиева деп табылып, Республикалық басқышқа жоллама алды.

28.10.2021 15:50:04 235