«Саўап исти ҳәр ким, ҳәр күни ислеўи керек»

26.10.2021 13:47:20 354 Баспаға шығарыў

Кегейли районы «Гүжим терек» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 8-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқып питкерген бир топар жигитлер ана мектебинде қайырлы акцияға баслама берди.
Ҳәзирги күнде мектепте окып атырған, социаллык қорғаўға мүтәж болған шаӊарақлар перзентлерине жәми 20 шанараққа материаллық қоллаў кѳрсетти.
«Ѳсип ѳнгейсиз, қатарыӊыздыӊ алды болыӊ, жыйнаған тергенлериӊиз перзентлериниздин жақсы күнлерине буйырсын» деп, жаксы нийет пенен қол жайылған дуўаныӊ саўабын жоқары билген бул жигитлердиӊ қайырлы иси ҳәммемиз ушын ѳрнек болары сѳзсиз.

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

26.10.2021 13:47:20 355