«ФЕРМЕРГЕ ЖӘРДЕМ» ҲУҚЫҚЫЙ АКЦИЯСЫ

01.12.2021 08:52:37 585 Баспаға шығарыў

Әдиллик кминистрлиги басламасы менен «Фермерге жәрдем» ҳуқықыйакциясыөткерилмекте. Бул акция усы жылдың июнь айынанбаслапдекабрьайыныңақырығашекемдаўаметеди.

Акция шеңберинде фермерлердиң барлық мүрәжәәтлары көрип шығылады, бар болған машқалалар жайында уйрениледи, фермерлерди қызықтырған мәселелер бойынша ҳуқықый түсиниклер бериледи. Искерлик шеңберинде олардың бузылған ҳуқықлары тикленеди. Орынлардағы фермерлер искерлиги менен байланыслы жағдайлар үйренилинип, әмелдеги нызамшылықты жетилистириў мақсетинде пикрилери тыңланып ҳәм усыныслар ислеп шығылады. Қысқаша айтқанда, акция кластер ҳәм мәмлекет, кластер ҳәм фаермер ортасындағы мунасәбетлер бойынша анық ҳәм бирден-бир жантасыўды ислеп шығыў ҳәмде фермер хожалықлары искерлиги өзине тартатуғынлығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Әдиллик министрлигинде «Фермерге жәрдем» ҳуқықый акциясын өткериўден мақсет, соңғы ўақытларда фермерлер әдиллик ўйымларына мурәжәәт етип, айырым лаўазымлы шахслар тәрепинен ҳуқықлары бузылып атырғанлығы (шәртнамалар дүзиўде мәжбүрлеў, рухсатисиз банктеги пул қаржларын өз басымшалық пенен алып қойыў, қәўендерлик жумысларына мәжбурий тәртипте тартыў, жыйналыслар ҳәмде тағы басқа ғалабалық илажларда фермердиң шəни ҳәм абырайынкемситиў), банклер тәрепинен субсидия, кредит ажыратылмай атырғанлығы, соның менен бирге, жетилистирген өнимлерди сатыў бойынша дүзилген шәртнамалар тийкарында пул қаржлары толық берилмей атырғанлығы ямаса ўақытында қаплайнбай атырғанлығы ҳаққында айтылып атыр.

Аўыл хожалығы саласындағы ҳуқықый мунасәбетлерде фермер хожалықларының ҳуқық ҳәм мәплерине әмел етилиўи жағдайын үйрениў, ҳуқықты қөллаў әмелиятын анализ қылыў арқалы тараўды туптен реформалаў майданынан усыныслар таярлаў, «Фермерлер аўыл хожалығы раўажландириўдиң драйвери» ретинде олардың экономика ҳәм жәмиеттеги позициясин асырыў мақсетинде усы жылдың июнь-декабръ айларында «Фермерге мадад» ҳуқықый акциясын өткериў бойынша әдиллик министриниң буйрығы қабылланды.

«Фермерге жәрдем» ҳуқықый акциясын әмелге асырыў бойынша илажлар жобасы тастыйықланған болып, усы жобалар әдиллик министриниң буйрығи менен тастыйықланған 5 исши топар тәрепинен әмелге асырылды. Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәмде ўәлаятлар әдиллик басқармалары усы исши топарлардан келип шыққан ҳалда өзлериниң аймақлық исши топарлар дүзилген.

Акция өткериў механизмлери ҳаққында тоқталатуғын болса, даслеп акцияны өткериўди муўапықластырыўшы топар ҳәм илажлар бағдарлары бойынша исши топар қәлиплестиреди. Әмелге асырилатуғын илажлар бойынша материаллар комплекси таярланады, исши топар ағзалары акциясын өткериў бойынша оқытылады ҳәм акция шеңберинде илажлар график тийкарында әмелге асырилады. Акция нәтийжелери улыўмаластырылады ҳәм тийисли есабатлар таярланады.

Акция шеңберинде үгит-нәсиятлаў илажлары ҒХҚ, социал тармақлар, мәнзилли ҳәм көшпели илажлар, интерактив усыллар, онлайн ҳәм офлайн байланыс платформалари арқалы әмелге асырылыўы, түсиндириў илажларында әдиллик шөлкемлери ҳәм «Мадад» мәмлекетлик емес хәм комерциялық емес шөлкем хызметкерлери, «Жас юрист» валантёрлар группалары ағзалары ҳәмде тийисли тараўдың ўәкиллери қатнасыўы көрсетип өтилген.

Усының менен бир ўақытта, фермерлер мүрәжаатлары менен ислесиўде мүрәжаатлар дәстүрий формада, 1008 — «исеним телефоны», @fermermadadbot  арнаўлы телеграм-бот арқалы ҳәм де көшпели ҳәм уйма-үй қабыл етиледи.

Аўыл хожалығы саласында ҳуқықты қөллаў әмелиятын үйрениў ҳәм мониторингтийислиги бойынша тийислише әдиллик хызметкерлери, бекитилген қәнигелер, «Жас юрист» валантёрлар топары ағзалары тәрепинен алып барылады.

Фермер хожалықларының 6 бағдарында, атап айтқанда шөлкемлестирилген-ҳуқықый, ислеп шығарыў ҳәм хожалық, шәртнамалық -ҳуқықый ҳәм мийнет мунасәбетлер, жер тараўы, ҳәкимшилик-басқарыў, банк, финанс ҳәм салық бағдарларында нызамшылық хатлаўдан өткериледи, шет ел тәжирийбе ҳәм миллий әмелият үйренилинип, тараўды реформалаў бойынша усыныслар таярланады.

Акция жуўмағы бойынша ҳәр бир жөнелис бойынша бөлек мәлимлемелер дүзиледи. Олар тийкарында жыйма аналитик мағлыўмат ҳәмде хабар хати, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары таярланады.

 

Кегейли районы әдиллик бөлими

баслығы                                                             С.Асанов

01.12.2021 08:52:37 586