2024 жылдың январь-март айларында демографиялык корсеткишлер бойынша
Районлык статистика бөлими 2024 жылдың 1 апрель жағдайына көре, демографик көрсеткишлерге тийисли мағлыўматларды хабар қылады.
Бунда, районымыздың турақлы халық саны 75,0 мың болса,
соннан 36,6 мыңы ҳəйел қызлар, ерлер саны бираз көбирек 38,4 мыңды қурайды.
Соның менен бирге, қалалық жерлерде жасаўшылар саны 30,4 мыңға жеткен болса, аўыллық жерлерде жасаўшылар саны 44,6 мыңды қурайды.
Төмендеги сəйкес дəўир менен айырым демографик көрсеткишлер келтирилген;
- туўылыў саны – 365 ди;
- өлимшилик саны – 96 ди;
- турмыс қурыўшылар саны – 133 ти;
- ажырасқанлар саны – 17 ди;
- көшип келгенлер саны – 94 ни;
- көшип кеткенлер саны – 203 ти қурайды.