Кибер жынаятшылардан абайлы болың

04.05.2024 18:15:48 57 Баспаға шығарыў

Ҳәзирги күнде пластик карталар менен әмелге асырылатуғын операциялар асып барыӯы менен бирге пластик карталардан қәрежетлерди өзлестириӯ (урлаӯ) менен байланыслы алдаӯшылық жағдайлары ҳәм көбеймекте. Әсиресе, интернет тармағы, социаллық тармақларда жаңадан жаңа алдаӯшылық түрлери пайда болмақда.

Атап айтқанда, сонғы ӯақытларда телеграмм мессенжеридеги түрли каналларда “топарға сонша адам қоссаңыз, есап бетиңизге бунша қәрежет өткизиб беремиз” мазмуныдағы дағазалар көбеймекте. Бул шәртлер орынланғаннан соң алдаӯшылар өзин банк хызметкери ямаса түрли акциялар шөлкемлестириӯшиси сыпатында таныстырыб, картаға мәлим муғдарда пул өткерип бериӯди, ол ушын болса карта тәртип санларын ҳәм карта ийесиниң мобил телефонына келген «Тастыйқлаӯшы код»ты сорайды. Бул кодты оларға улыӯма әшкара қылмаӯ керек ҳамде бундай шахслар ҳақында ҳукық қорғаӯ органларына хабар бериӯ лазым.

Пластик карталардан қәрежетлерди өзлестириӯ (урлаӯ) менен байланыслы алдаӯшылық жағдайларының алдын-алыӯ мақсетинде пукаралардың төмендеги тәртиплерге әмел қылғаны мақсетке муӯапық болады.

  • Егер сизге кимдур пул өткериӯди қалесе, оған пластик картаңыздың тәртип санларын бериӯиңиздин өзи жеткиликли болады. Басқа мағлыӯматларды әшкара қылман.
  • Егер сизге банк атынан гүманлы қоныраӯ ямаса SMS хабарнама келсе, өзиңиз банкке қоныраӯ етип анықлық киритиң.
  • Интернет тармағында ҳәм социаллық тармақлардағы ҳәр түрли мобил дәстүрлерди телефоныңызга жүклеп алмаң ҳәмде оларға кодларды киритпен.
  • Пластик картаңыз арқалы әмелге асырылып атырылған транзакциялар ҳаққында хабарнама хызметин қостырын, сондай-ақ карта арқалы жумсалатуғын қәрежетлер суммасына шеклеӯ (лимит) орнатың.
  • Кибержынаятшылар социаллық тармақлар арқалы ҳәр түрли дағаза ҳәм хабарлар менен карта ийелерине СМС-хабарнамалар жолламақда. Бундай хабарларға жуӯап бермең.
  • Саӯда ҳәм хызмет көрсетиӯ орынларында төлеӯлерди әмелге асырып атырған ӯақтыңызда бийтаныс шахсларға пластик картаңыздың жеке ПИН-код тәртип санын әшкара қылмаң.
  • Егерде пластик карта есап бетиңиздеги пулларыңыздың нызамсыз шешилгенин ямаса басқа есап бетлерге өткерилгениң билсеңиз дәрҳал банкке ҳәмде ҳуқық қорғаӯ органларына мүрәжаат етиң.

ӨзР Бас пракуратурасы жаныңдағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиӯ

Департаменти ҚР Кегейли районы бөлими аға инспекторы, әдиллик кеңесшиси                                                    Р.А.Жарылкаганов  Муражаат ушын Тел: +998-97-221-29-92

02.05.2024 жыл

04.05.2024 18:15:48 58