Жаңа Өзбекстанды жаңа имаратлар менен

30.11.2021 08:00:13 448 Баспаға шығарыў

ϴзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Жәмийетте социаллық-руўхыйлық орталықты саламатластырыў, мәҳәлле институтын және де
қоллап-қуўатлаў, шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаӊа дәрежеге алып шығыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы пәрманын орынлаў мақсетинде пуқаралар жыйыны хызметкерлери ушын бир қанша қолай шараятлар жаратып берилмекте. Олардыӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша район аймағындағы 16 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларына 2021-жыл январь айында 28 дана компютер ҳәм 14 дана  принтер жергиликли бюджет есабинан алып берилди. Сондай-ақ,  АПЖ ҳәм МПЖ имаратларын оңлаў, қайта қурыў жумысларыда районымызда қызғын алып барылып атырғанының гүўасымыз. Мине усындай жумыслардың унамлы ңәтийжеси сыпатында “Жалпақ жап”  АПЖ имаратын келтирип өтсек орынлы. Себеби, күни кеше мине усы имараттың ашылыў мәресими Салтанатлы түрде болып өтти. Оған Қарарқалпақстан Республикасы Ишки ислер Министри А.Темирханов, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов, район ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшылары қатнасты.

Ашылыў мәресиминиң қатнасыўшылары имаратта жаратылған имканятлар менен танысты.

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

30.11.2021 08:00:13 449