“Әскерий ўатансүйиўшилик бағдарына қәнигелестирилген таяныш мектеби” шөлкемлестирилди

24.11.2021 15:19:06 377 Баспаға шығарыў

Кегейли районындағы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектеби “Әскерий ўатансүйиўшилик бағдарына қәнигелестирилген таяныш мектеби” болып шөлкемлестирилди. Усы мүнәсибет пенен бүгин жаңа бағдарға шөлкемлестирилген мектептиң ашылыў мәресими болып өтти.  Илажды Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов қутлықлаў сөзи менен ашып берди. Буннан соң, Арқа-батыс Әскерий округи сәркардасы полковник Шерматов Фарходжон Артыкович сөзге шығып орынларда арнаўлы бағдарға қәнигелестирилип атырған мектеплердиң жаслар тәрбиясындағы орны  ҳаққында айрықша айтып өтти. Мектептиң бул тараўға қәнигелестирилиўи, сондай-ақ, оқыўшылардың керекли әнжамлар менен тәмийинлениўи ушын жәми 680 млн сўмнан артық қаржы ажыратылды.  Ҳәзирги күнде бул мектепте 377 оқыўшыға 53 педагок илим-билим сырларын үйретип келмекте.

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлем хызмети

 

24.11.2021 15:19:06 378