Миллет мәдениятының және бир көриниси сол халықтың тили ҳәм әдебиятында өзиниң сәўлелениўин табады. Солай екен, өз тилин қәдирлеген халық ҳәрқашан дүнъя халықлары арасында өз орнына ийе болған. 1-декабрь күни қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен районымыздағы барлық билимлендириў орынларында байрам кешелери өткерилмекте. Атап айтқанда районлық 55-санлы математика пәнине қәнигелестирилген мектепте ҳәм 8-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде салтанатлы байрам кешеси болып өтти. Онда байрам қатнасыўшылары әдебий бағдардағы сахналық көринислери менен қатнасты. Бул мазмундағы байрам илажларын шөлкемлестириў районымызда еле де даўам етеди.
Кегейли арйоны ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети