2021 жыл 23-ноябрь күни Кегейли районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ жигирма биринши жалпы мәжилисинде көрип шығылған нызамлар ҳәм басқада ҳүжжетлердиӊ мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин кеӊ жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаўға бағышланған ушырасыў жыйналысы болып өтти.
Ушырасыўға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы Жалменов Улуғбек Абылаевич, сондай-ақ Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ депутатлары, район ҳәкиминиӊ орынбасарлары, пуқаралар жыйынлары, мәкеме, кәрхана шөлкемлердиӊ басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыў жыйналысында сенатор У.Жалменов Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ жигирма биринши жалпы мәжилисинде мақулланған нызамлар ҳәм басқада көрип шығылған ҳүжжетлердиӊ мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында кеӊ түрде түсиндирип өтти.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли тараў басшылары өзлериниӊ усыныс ҳәм пикирлери менен шығып сөйледи.
Ушырасыў соӊында жыйналыс қатнасыўшыларыныӊ берген сораўларына сенатор ҳәм тийисли қәнигелер тәрепинен тийисли жуўаплар берилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети