Кегейли районы ҳәкиминиң «Район аймағында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳаққында»ғы шешими

18.11.2021 09:30:15 352 Баспаға шығарыў

Район аймағында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳаққында

 

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасыныӊ 2021-жыл 11-июлдағы 11/6-2996-санлы усыныс хатын көрип шығып, Өзбекстан  Республикасының «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳаққында»ғы Нызамы («Ўзбекистон Республикаси қонун ҳужжатлари тўплами», 2013 йил 15 апрель, 15-сон, 197-модда)ның
7-статьясына, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 25-статьясына муўапық, район аймағында транспорт қуралларының ҳәрекетлениўин тәртипке салыў, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде,

 

Ш Е Ш И М    Е Т Е М Е Н :

 

  1. Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасыныӊ 2021-жыл 11-июлдағы 11/6-2996-санлы усыныс хаты мақуллансын.
  2. Жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў ҳәм ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде, Республикалық әҳмийеттеги
    4Р-178 «Қумшүӊгил темир жол станциясы-Кегейли-Қазанкеткен» автомобиль жолыныӊ 3-4 км аралығындағы жергиликли әҳмийеттеги 4К-3”г” “Халқабад айланба жолы“ менен кесилиспесине  1.8. «Светофор тәртипке салады» белгиси бойынша жаңадан заманагөй диодлы светофор үскенеси орнатылсын.
  3. Районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы (Т.Пирназаров)на жоқарыда аты көрсетилген көшелер кесилиспесине белгиленген тәртипте тийисли диодлы светофор үскенесин орнатыў
    ҳәм оның тийисли тәртипте сақланыўын тәмийинлеў тапсырылсын.
  4. Бул шешим «Кегейли турмысы» газетасында (Е.Маханбетов) рәсмий түрде жәриялансын ҳәм район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайтына (Т.Мухиятдинова) жайластырылсын.
  5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары А.Отемуратовқа жүкленсин..

 

  1. Бул шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди

 

 

18.11.2021 09:30:15 353