Кегейли районы “Абат” АПЖ аймағындағы “Тоқманғыт” аўылының газ тарамағынан ажыратылғанлығы ҳаққындағы видеомүрәжат тийкарында үйрениў алып бардық. “Кегейлитумангаз” бөлими бизге бул бойынша төмендегилерди билдириди.
2015-жыл 7-август күнги “Халықты тәбийий газ бенен тәмийинлеўди және де жақсылаў ҳәм тәбийғый газ тәмийнаты төмен болған аймақлардағы халықты суйылтырылған газге сәйкеслетириў ҳәм үзиликсиз тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлары ” ҳаққындағы 197-санлы қарары ҳәм Кегейли районы ҳакиминиң 2015-жылы 10-июльдағы 343-07-санлы шешимлерине тийкарланып “Тоқманғыт” аўылы суйылтырылған газге сәйкеслестирилди ҳәм тәбийғый газ тармағынан ажыратылды. Пуқаралардың мүрәжатлары себепли газ басымының жетип бармаўы ҳәм тармақтан ажыратылыў себеплери үйренилди. Нәтийжеде бул аўылды табийғый газге қайта жалғаў имканияты бар екенлиги анықланды. Ҳәзирги күнде бул бойынша жумыслар алып барылып атыр.
Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial