Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов район аймағында жайласқан «Мәденият» МПЖдағы 226-сайлаў ўчасткасына шаңарақ ағзалары менен бирге барып, сайлаўға даўыс берди.
Бул сайлаў участкасында жәми 2410 сайлаўшы дизимге алынған. Саат 16:00 жағдайына бола, 1789 адамнан даўыс жыйналған. Соннан, 23 сайлаўшы мүддетинен алдын даўыс берген.