Мәлимлеме

21.11.2021 12:41:31 403 Баспаға шығарыў

Телеграм социаллық тармағында Кегейли районы «Жалпақ-жап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында пуқараларға кɵмирдиң бир килограмы 3300 сўмнан сатылып атырғаны ҳаққында мағлыўмат келип тускен. Бул бойынша сизге төмендегилерди билдиремиз.

Ҳәзирги кунде «Жалпақ-жап» аўыл пуқаралар жыйыны орайында жайласқан бос турған қоймахана имаратына 9,5 тонна кɵмир алып келинген болып, пуқараларға сатып берилмекте. Кɵмирди қоймаханаға шекем алып келиўге транспорт район ҳәкимлиги тәрепинен шɵлкемлестирилген. Бунда транспорт хызмети кɵмирдиң баҳасына қосылмайды. Ҳәзирги күнде пуқаралар ушын бир килограмм көмирдиң баҳасы 303 (Үш жүз үш) сўмнан сатылмақта.

Телеграм социаллық тармағына келип түскен пуқараларға бир килограмм кɵмир баҳасы 3300 сўмнан сатылып атыр деген мағлыўматлар тийкарсыз екенлигин мәлимлеймиз.

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

21.11.2021 12:41:31 404