Кегейли районы ҳәкимлигиниң рәсмий жуўабы

21.10.2021 15:54:57 692 Баспаға шығарыў

“Ел хызметинде” газетасы редакциясының телеграм каналы арқалы Кегейли районы “Абат” АПЖ аймағында “Ун неге тунде сатылып атыр?” атамасындағы материал жәрияланған еди. Бул бойынша тийисли тәртипе үйрениў алып барғанымызда “Абат” АПЖ аймағындағы пуқараларға қолайлы шараятлар жаратыў, пахта жыйым –терим мәўсиминде белсене қатнасып атырған теримшилердиң пикир усынысларын есапқа алған ҳалда АПЖ аймағында ун саат 17:00 ден баслап сатыўға қойылғанлы мәлимленди.

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

21.10.2021 15:54:57 693