Кегейлиде “Жаслар орайы”ның ирге тасы қойылды

20.10.2021 11:03:29 478 Баспаға шығарыў

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 4-майдағы “2021-2022-жылларда Кегейли районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаржы ажыратыў ҳаққында” ғы 327-санлы қарары қабыл етилген болып, сол тийкарда быйыл Кегейли районында “Жаслар орайы” имараты қурылыўы режелестирилген.

Бүгин, райондағы “Нурлы бостан” МПЖ аймағында заманагөй типте қурылыўы режелестирилген “Жаслар орайы”ның ирге тасын қойыў илажы өткерилди.

Илажда Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияров, Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшылары қатнасып, уламалар ҳәм жасы үлкен нураныйлер менен биргеликте басланып атырған истиң қайырлы болыўын, жаңа бой тиклеўи режелестирилген дәргайдан қәбилетли жаслар жетилисиўин тилеп ирге тасын қойды.

20.10.2021 11:03:29 479