Халықаралық қызлар күни

11.10.2021 08:28:32 299 Баспаға шығарыў

 

Бүгин “11-октябрь – Халықаралық қызлар күни” мүнәсибети менен районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, Халық билимлендириў бөлими, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Мәденият бѳлими менен биргеликте район орайындағы 11-санлы музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде «Қызлар форумы» шѳлкемлестирилди. Форумды районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бѳлими баслығының орынбасары, район ҳәкиминиң Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Г.Хожамбергенова кирис сѳз бенен ашып берди.

Форум шеңберинде райондағы улыўма билим бериў мектеплери дѳретиўши оқыўшы қызлары арасында «Дѳретиўши кызлар», китапқумар қызлар арасында «Ең кѳп китап оқыған қызлар», сүўрет салыў бойынша, қол өнери көргизбелери ҳ.т.б таңлаўлар шѳлкемлестирилди.

11.10.2021 08:28:32 300