Кегейли районы аймағында барлық хожалық жүргизиўши субъектлерге ҳәм пуқараларға тийисли болған автомототранспорт қуралларын ҳәм тиркемелерин мәжбүрий техникалық көриктен өткериў ҳаққында

09.10.2021 14:48:25 385 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 9-март күнги «Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў тәртибин қәлиплестириўге тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 125-санлы қарары менен тастыйықланған «Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў тәртиби ҳаққында»ғы Реже талапларын орынлаў мақсетинде, «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳаққында»ғы Нызамының (Өзбекстан Республикасы Нызам ҳүжжетлери топламы, 2013-жыл 15-сан, 197-статья) 17-статьясына муўапық, район аймағында юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тийисли болған автомототранспорт қураллары ҳәм тиркемелерди мәжбүрий техникалық көриктен өткериў мақсетинде, Кегейли районы ҳәкими

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

  1. Район аймағындағы юридикалық ҳәм физикалық шаҳсларға тийисли автомототранспорт қураллары ҳәм олардың тиркемелери тийисли тәртипте мәжбүрий техникалық көриктен өткерилсин.
  2. Районда транспорт қуралларын техникалық көриктен өткериў төмендеги мүддетлерге муўапық белгиленсин:

а) коммерциялық тийкарында жолаўшылар тасыў менен шуғылланыўшы жеңил автомобиллер, автобуслар, ҳәм отыратуғын орынлар саны 8 ҳәм оннан артық болған (айдаўшының орнынан тысқары), адамларды турақлы тасыў ушын үскенеленген жүк автомобиллери, үлкен габаритли, аўыр салмақлы ҳәм қәўипли жүклерди тасыў ушын арнаўлы транспорт қураллары ҳәм олардың тиркемелери – бир жылда еки мәрте;

б) ислеп шығарылғанына алты жылдан көп болмаған транспорт қураллары (тийисли бәнттиң «а» киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларынан тысқары) -еки жылда бир мәрте;

в) ислеп шығарылғанына 6 жылдан артық болған, сонадай-ақ, ислеп шығарылған ўақты анық болмаған транспорт қураллары (тийисли бәнттиң «а» киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларына тысқары)  – бир жылда бир мәрте;

г) тиркемелер техник көрикке транспорт қураллары – тиркеўши ушын белгиленген мүддетлерде;

д) нәўбеттеги техникалық көриктен өткериўдиң алдын көрсетилген мүддетлерине қарамастан оларды Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети (кейинги орынларда МЖҲҚХ деп жүритиледи) органларында дизимнен өткериў (қайта дизимнен өткериў) ўақтында (биринши мәрте дизимге алынып атырған жаңа транспорт қураллары буннан тысқары);

  1. Усы қарардың 2-бәнти «а» киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларының техникалық көриги:

биринши мәрте усы шешим қабыл етилген күннен баслап 2021-жылдың 30-июнь аралығында;

екинши мәрте 2021-жылдың 1-сентябрь-31-октябрь аралығында өткериледи.

Юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тийисли басқа транспорт қуралларының техникалық көриги усы шешим қабыл етилген күннен баслап 2021-жылдың 31-декабрь сәнесине шекем өткериледи.

  1. Жаңа транспорт қураллары МЖҲҚХ органларында дизимнен өткизиўде техник көриктен өткерилмейди.
  2. Район аймағындағы физикалық ҳәм юридикалық шахсларға тийисли болған автомототранспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў комиссия қурамы 1-қосымшаға;

район аймағындағы физикалық ҳәм юридикалық шаҳсларға тийисли болған автомоторанспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў кестеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Кегейли районы ҳәкиминиң 2021-жыл 15-февраль күнги «Кегейли районы аймағында барлық хожалық жүргизиўши субъектлерге ҳәм пуқараларға тийисли болған автомототранспорт қуралларын ҳәм тиркемелерин мәжбүрий техникалық көриктен өткериў ҳаққында»ғы 38-02-санлы шешими («Кегейли турмысы» газетасы, 2021-жыл 28-февраль 3-4(6220-6221) усы қарар күшке киргеннен баслап өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. «Кегейли турмысы» газетасы (Е. Мухамбетов)на ҳәм район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети (Т. Мухиятдинова)не:

усы шешимди «Кегейли турмысы» газетасында жәриялаў ҳәм ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтына жайластырыў тапсырылсын.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары А. Өтемуратовқа жүкленсин.
  2. Бул шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

 

Кегейли районы ҳәкими:                        Д. Утемуратов

 

 

1-қосымша

Район аймағындағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлериниң техникаларын мәжбурий
техникалық көриктен өткериў комиссия қурамы

1. М.Косбергенов районлық ишки ислер бөлими ЖҲҚ бөлимшеси баслығы, комиссия баслығы
2. Б.Қадиров район ҳәкимлиги бас канийгеси, комиссия хәткери

Комиссия ағзалары:

3. К.Жиенбаев районлық қаржы бөлими баслығы
4. Г.Давлетмуратов районлық аўыл хожалығы бөлими баслығы
5. М.Досбергенов районлық медицина бирлеспеси бас шыпакери
6. А.Алланиязова районлық халық билимлендириў бөлими баслығы
7. А.Торемуратов Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими баслығы
8. Т.Пирназаров районлық Жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы баслығы
9. Ш.Жиемуратов Өзбекстан қорғаныўына көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми Кегейли районлық оқыў, спорт техник клубы баслығы
10. Ж.Узақов Экология ҳәм қоршалған орталықты қорғаў комитети районлық инспекторы
11. Е.Мухамбетов «Кегейли турмысы» газетасы бас редакторы

 

Еслетпе: Комиссия ағзалары басқа жумысқа өзгерген жағдайда комиссия қурамына олардың лаўазымына жаңадан тайынланған шахслар киритиледи.

 

2-қосымша

Район аймағындағы мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң автомоторанспорт
қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў

КЕСТЕСИ

 

Мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем атамалары Техник көрикти өткериў күни Техник көрик  өткерилетуғын орын Көрикти  өткериў ўақты Транспорт қураллары саны
1 Кегейли МТП 01.07.2021 Өз гаражында 09.00 дан

15.00 ге

1

2 Кегейли районлық медицина бирлеспеси 05.07.2021 Өз гаражында 09.00 дан  17.00 ге 9
3 Районлық МСЭБО 07.07.2021 Өз гаражында 09.00 дан  15.00 ге 2
4 Абаданластырыў басқармасы 15.07.2021 Өз гаражында 09.00 дан  17.00 ге 2
5 «Таза ҳудуд» унитар кәрханасы 15.07.2021 Өз гаражында 09.00 дан  15.00 ге 2
6 Районлық жоллардан пайдаланыў кәрханасы 20.07.2021 Өз гаражында 09.00 дан  16.00 ге 7
7 «Кегейлитумангаз» газ тәмийнаты бөлими 02.08.2021 Өз гаражында 09.00 дан  12.00 ге 3
8 Кегейли электр тәмийинлеўши

кәрханасы

05.08.2021 Өз гаражында 09.00 дан  15.00 ге 3
9 Кегейли суў тармақлары филиалы 10.08.2021 Өз гаражында 09.00 дан  11.00 ге 1
10 Кегейли аўыл хожалық химия бөлими 15.08.2021 Өз гаражында 09.00 дан  15.00 ге 2
11 Кегейли аўыл хожалығы бөлими 20.08.2021 Өз гаражында 09.00 дан  15.00 ге 1

 

12 Кегейли ирригация бөлими 20.08.2021 Өз гаражында 09.00 дан  15.00 ге 2
13 Кегейли районы 2-санлы кәсип-өнер мектеби 26.08.2021 Өз гаражында 09.00 дан  15.00 ге 1
14 Кегейли районы 1-санлы кәсип-өнер мектеби 30.08.2021 Өз гаражында 09.00 дан  12.00 ге 1
15 Район ҳәкимлиги 30.08.2021 Өз гаражында 09.00 дан  15.00 ге 9
16 Ватанпарвар СТК шөлкеми 03.09.2021 Өз гаражында 09.00 дан  16.00 ге 8
18 Кегейли ветстанция бөлими 07.09.2021 Өз гаражында 09.00 дан  17.00 ге 3
19 «Халқабад пахта  тазалаў» АЖ 10.09.2021 Өз гаражында 09.00 дан  18.00 ге 3
20 Кегейли Халық билимлендириў бөлими 15.09.2021 Өз гаражында 09.00 дан  11.00 ге 2
21 Кегейли мектепке шекемги билимлендириў бөлими 15.09.2021 Өз гаражында 11.00 дан  13.00 ге 1
22 Мәмлекетлик салық инспекциясы 17.09.2021 Өз гаражында 14.00 дан  16.00 ге 1
23 Қаржы бөлими 20.09.2021 Өз гаражында 09.00 дан  12.00 ге 1
24 Кегейли телекоммуникация тармағы 24.09.2021 Өз гаражында 09.00 дан  15.00 ге 2
25 Кегейли «Агробанк» АКБ 04.10.2021 Өз гаражында 09.00 дан  16.00 ге 2
26 Кегейли «Халық банк» АКБ 05.10.2021 Өз гаражында 09.00 дан  15.00 ге 1
27 Кегейли ДУК 07.10.2021 Өз гаражында 09.00 дан  15.00 ге 6

 

            Еслетпе:  2021 жылдын 31-декабрь сәнесине шекем пуқаралардың өзине тийисли болған М-1 категориядағы автотранспорт қуралларын өз қәлеўи тийкарында рухсатнамаға ийе болған арнаўлы техникалық көриктен өткериў орынларында әмелге асырылады.

09.10.2021 14:48:25 386