Кегейли районы, «Жалпақ жап» АПЖ (Б.Каримбердиев массиви) аймағында жайласқан «SHEGARA» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығының жер майданларыныӊ айырым бөлегин ҳǝкимият жер қоры есабына қайтарып алыў ҳаққында

31.03.2021 18:13:12 275 Баспаға шығарыў

«SHEGARA» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығы баслығы Т.Асановтың район ҳәкимлигине фермер хожалығына ижараға берилген жер майданларыныӊ айырым бөлегин ҳǝкимият жер қоры есабына қайтарып тапсырыў ҳаққындағы 2021-жыл 8-февраль күнги               4-санлы қатнас хаты ҳәм районы ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў бойынша комиссияның ҳүжжетлерин көрип шығып, Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниң 36-статьясы                 1-пунктине тийкарланып,  Кегейли  районы ҳәкими

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И :

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның 2021-жыл «29»-март күнги жуўмағы мақуллансын.
  2. Кегейли районы, «Жалпақ жап» АПЖ (Б.Каримбердиев массиви) аймағында жайласқан «SHEGARA» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығына район ҳǝкиминиң 2000-жыл 23-декабрь күнги 77/127-03-санлы шешими менен шөлкемлестирилген, 2015-жыл 23-декабрь күнги 618-12-санлы шешимине тийкар жер майданларының айырым бөлеклери ҳǝкимият жер қоры есабына қайтарылып алынған, фермер хожалығының улыўма майданы 101,3 га, соннан; 89,2 га егислик жерлер, 5,2 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,8 га жоллар ҳǝм шеллер, 6,5 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары ажыратылып берилген, соннан; аўыл хожалық картасындағы №5, 6, 7, 8, 9, 10, 20, 24, 25, 26, 27, 34-контурларда жайласқан улыўма майданы 69,9 га, соннан; 62,0 га егислик жерлер, 6,0 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,5 га жоллар ҳәм шеллер, 1,4  га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданларын ҳәкимият жер қоры есабына қайтарып алынсын.
  3. «Жалпақ жап» АПЖ (Б.Каримбердиев массиви) аймағында жайласқан «SHEGARA» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығының улыўма майданы 31,4 га, соннан; 27,2 га егислик жерлер, 2,9 га пишензар ҳәм жайлаў жерлер, 16,9 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,3 га жол ҳәм шеллер, 5,1 аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары етип белгиленсин.
  4. Кадастр агентлигиниң Кегейли районы бөлимине «SHEGARA» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығының жер майданлары есабына тийисли өзгерислер киргизиў тапсырылсын.
  5. Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссиясына усы шешим тийкарында қайтарып алынған жер майданларын ислеў мүмкиншилигине ийе фермер хожалығын шөлкемлестириўши пуқараларға ҳәм ҳәрекеттеги фермер хожалықларына қосымша етип бериў белгиленген тәртипте тендер жолы менен әмелге асырыў тапсырылсын.
  6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.

 

Кегейли  районы

       ҳәкими:

   

Д.Утемуратов

31.03.2021 18:13:12 276