Кегейли районы, «Жаңабазар» АПЖ (Кегейли массиви) аймағында жайласқан «BERKBAY REYMOV» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығының жер майданларыныӊ айырым бөлегин ҳǝкимият жер қоры есабына қайтарып алыў ҳаққында

31.03.2021 18:03:28 257 Баспаға шығарыў

«BERKBAY REYMOV» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығы баслығы Б.Реймовтың район ҳәкимлигине фермер хожалығына ижараға берилген жер майданларыныӊ айырым бөлегин ҳǝкимият жер қоры есабына қайтарып тапсырыў ҳаққындағы 2021-жыл  10-февраль күнги 3-санлы қатнас хаты ҳәм районы ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның ҳүжжетлерин көрип шығып, Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниң 36-статьясы 1-пунктине тийкарланып,  Кегейли районы ҳәкими

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның 2021-жыл «29»-март күнги жуўмағы мақуллансын.
  2. Кегейли районы, «Жаңабазар» АПЖ (Кегейли массиви) аймағында жайласқан «BERKBAY REYMOV» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығына район ҳәкиминиң 2019-жыл 30-январь күнги 182/16-01-санлы шешими менен шөлкемлестирилген улыўма майданы 114,1 га, соннан; 90,0 га егислик жерлер, 8,3 га боз жерлер, 6,7 га пишензар ҳәм жайлаў жерлер, 5,9 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,2 га жоллар ҳǝм шеллер, 3,0 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары ажыратылып берилген, соннан аўыл хожалық картасындағы №592, 590, 589, 1301, 1303, 1302, 1304, 1305, 1306, 1311-контурларда жайласқан улыўма майданы 65,7 га, соннан; 50,2 га егислик жерлер, 5,0 га боз жерлер, 6,7 га пишензар ҳәм жайлаў, 2,2 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 1,6 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жер майданларын ҳәкимият жер қоры есабына қайтарып алынсын.
  3. «Жаңабазар» АПЖ (Кегейли массиви) аймағында жайласқан «BERKBAY REYMOV» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығының улыўма майданы 48,4 га, соннан; 39,8 га егислик жерлер, 3,3 га боз жерлер, 3,7 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,2 га жол ҳәм шеллер, 1,4 аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары етип белгиленсин.
  4. Кадастр агентлигиниң Кегейли районы бөлими(Ж.Сейтназаров)не «BERKBAY REYMOV» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығының жер майданлары есабына тийисли өзгерислер киргизиў тапсырылсын.
  5. Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссиясына усы шешим тийкарында қайтарып алынған жер майданларын ислеў мүмкиншилигине ийе фермер хожалығын шөлкемлестириўши пуқараларға ҳәм ҳәрекеттеги фермер хожалықларына қосымша етип бериў белгиленген тәртипте тендер жолы менен әмелге асырыў тапсырылсын.
  6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.

 

 

Кегейли  районы

       ҳәкими:

   

Д.Утемуратов

31.03.2021 18:03:28 258