Кегейли районы, «Жаңабазар» АПЖ (Кегейли массиви) аймағында жайласқан «ERJANOV UTEMURAT» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығының жер майданларыныӊ айырым бөлегин ҳǝкимият жер қоры есабына қайтарып алыў ҳаққында

31.03.2021 18:02:09 149 Баспаға шығарыў

«ERJANOV UTEMURAT» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығы баслығы У.Ержановтың район ҳәкимлигине фермер хожалығына ижараға берилген жер майданларыныӊ айырым бөлегин ҳǝкимият жер қоры есабына қайтарып тапсырыў ҳаққындағы 2021-жыл 11-февраль күнги 2-санлы қатнас хаты ҳәм районы ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның ҳүжжетлерин көрип шығып, Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниң 36-статьясы 1-пунктине тийкарланып,  Кегейли районы ҳәкими

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның 2021-жыл «29»-март күнги жуўмағы мақуллансын.
  2. Кегейли районы, «Жаңабазар» АПЖ (Кегейли массиви) аймағында жайласқан «ERJANOV UTEMURAT» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығына район ҳәкиминиң 2016-жыл 27-декабрь күнги 489-12-санлы шешими менен шөлкемлестирилген ҳәм район ҳәкиминиң 2019-жыл 31-январь күнги 182/29-01-санлы шешими менен қосымша жер майданлар ажыратылып берилген. Өзбекстан Республикасы Министерлер Кеңесиниң 2018-жыл 23-апрелдеги “Аймақларара бирликлкр шегараларын белгилеў, жер ресрусларын хатлаўдан өткериў ҳәмде жайлаў ҳәм пишензарларда геоботаник иззертлеўлер өткериў тәртибин жәнеде жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы № 299-санлы қарарының 2-бәнтине тийкар Кегейли районы аймағындағы хожалылықларара жер ресурсларын хатлаўдан өткериў жумыслары нәтийжеси тастыйқланды. Усыған тийкар исленген аўыл хожалық картасындағы №4569, 4570, 4571, 4579, 4580, 4581, 4582, 4583, 4584, 4585, 4586, 4587, 4588, 4589, 4590, 4591, 4596, 4597, 4598, 4599, 4600, 4601, 4602, 4604, 4605, 4606, 4612, 4615, 4616, 4617, 4619, 4657, 4658, 4659, 4660, 4661, 4662, 4663, 4664, 4665, 4666, 4669, 4670, 4671, 4672, 4673, 4674, 4676, 4677, 4678, 4679, 4680, 4681, 4721-контурларда жайласқан улыўма майданы 260,85 га, соннан 125,32 га егислик жерлер, 24,73 га боз жерлер, 56,34 га пишензарлар ҳәм жайлаў жерлер, 12,68 га мелиоратив ҳалатдағы жерлер, 6,01 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 1,16 га жоллар ҳǝм шеллер, 34,61 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары ажыратылып берилген, соннан аўыл хожалық картасындағы №4657, 4658, 4659, 4660, 4661, 4662, 4663, 4664, 4665, 4666, 4669, 4670, 4671, 4672, 4673, 4674, 4676, 4677, 4678, 4679, 4680, 4681-контурларда жайласқан улыўма майданы 97,0 га, соннан; 42,47 га егислик жерлер, 0,74 га боз жерлер, 28,4 га жайлаў жерлер, 12,68  га мелиоратив ҳалатдағы жерлер, 2,02 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,72 га жоллар ҳәм шеллер, 9,97 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жер майданларын ҳәкимият жер қоры есабына қайтарып алынсын.
  3. «Жаңабазар» АПЖ (Кегейли массиви) аймағында жайласқан «ERJANOV UTEMURAT» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығының улыўма майданы 163,85 га, соннан; 82,85 га егислик жерлер, 23,99 га боз жерлер, 27,94 га жайлаў жерлер, 3,99 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,44 га жол ҳәм шерллер, 24,64 аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары етип белгиленсин.
  4. Кадастр агентлигиниң Кегейли районлық бөлими(Ж.Сейтназаров)не «ERJANOV UTEMURAT» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығының жер майданлары есабына тийисли өзгерислер киргизиў тапсырылсын.
  5. Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссиясына усы шешим тийкарында қайтарып алынған жер майданларын ислеў мүмкиншилигине ийе фермер хожалығын шөлкемлестириўши пуқараларға ҳәм ҳәрекеттеги фермер хожалықларына қосымша етип бериў белгиленген тәртипте тендер жолы менен әмелге асырыў тапсырылсын.
  6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.

 

     Кегейли районы ҳәкими                                                          Д.Утемуратов

31.03.2021 18:02:09 150