Кегейли районы, «Жүзим бағ» АПЖ (Халқабад массиви) аймағында жайласқан «ATABEK GARDEN XOUSE» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығының жер майданларыныӊ айрым бөлегин ҳǝкимият захира жер қоры есабына қайтарып алыў ҳаққында

31.03.2021 17:53:39 283 Баспаға шығарыў

«ATABEK GARDEN XOUSE» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығы баслығы С.Абдимуратовтың район ҳәкимлигине фермер хожалығына ижараға берилген жер майданларыныӊ айрым бөлегин ҳǝкимият захира жер қоры есабына қайтарып тапсырыў ҳаққындағы 2021-жыл  23-февраль күнги 1-санлы қатнас хаты ҳәм районы ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның ҳүжжетлерин көрип шығып, Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниң 36-статьясы 1-пунктине тийкарланып,  Кегейли районы ҳәкими

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның 2021-жыл «29»-март күнги жуўмағы мақуллансын.
  2. Кегейли районы, «Жүзим бағ» АПЖ (Халқабад массиви) аймағында жайласқан «ATABEK GARDEN XOUSE» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығына Кегейли районы ҳәкиминиң 2018-жыл 24-март күнги 314/8-03-санлы шешими шөлкемлестирилген ҳәм район ҳǝкиминиң 2019-жыл 31-январь күнги 182/51-01-санлы шешими менен қосымша жер майданлар ажыратылып берилген. Өзбекстан Республикасы Министерлер Кеңесиниң 2018-жыл 23-апрелдеги “Аймақларара бирликлер шегараларын белгилеў, жер ресрусларын хатлаўдан өткериў, жайлаў ҳәм пишензарларда геоботаник изертлеўлер өткериў тәртибин және де жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 299-санлы қарарының 2-бәнтине тийкар, Кегейли районы аймағындағы хожалықларара жер ресурсларын хатлаўдан өткериў жумыслары нәтийжеси тастыйқланды. Усыған тийкар исленген аўыл хожалық картасындағы № 10091, 10081, 10097, 10098, 10099к, 10100, 10102, 10103, 10105, 10107, 10110, 10136, 10137, 10138, 10139, 10141, 10147, 10148,  10149, 10150, 10151, 10152, 10176, 10177, 10178, 10179, 10180, 10182, 10219–контурларда жайласқан улыўма майданы 282,15 га, соннан; 217,51 га егислик жерлер, 2,2 га боз жерлер, 34,9 га пишензарлар ҳәм жайлаў жерлер, 5,97 га мелиоратив ҳалатдағы жерлер, 1,16 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,75 га жоллар ҳǝм шеллер, 19,69 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары ажыратылып берилген, соннан аўыл хожалық картасындағы №10136, 10137, 10138, 10139, 10141, 10147, 10148,  10149, 10150, 10151, 10152, 10176, 10177, 10178, 10179, 10180, 10182-контурларда жайласқан улыўма майданы 130,24 га, соннан; 96,77 га егислик жерлер, 18,32 га жайлаў жерлер, 1,06 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,23 га жоллар ҳәм шеллер, 13,86 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары ҳәкимият жер қоры есабына қайтарып алынсын.
  3. «Жүзим бағ» АПЖ (Халқабад массиви) аймағында жайласқан «ATABEK GARDEN XOUSE» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығының улыўма майданы 151,91 га, соннан; 120,74 га егислик жерлер, 2,2 га боз жерлер, 16,58 га жайлаў жерлер, 5,97 га мелиоратив ҳалатдағы жерлер, 0,1 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,52 га жол ҳәм шерллер, 5,83 аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары етип белгиленсин.
  4. Кадастр агентлигиниң Кегейли районлық бөлими(Ж.Сейтназаров)не «ATABEK GARDEN XOUSE» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығының жер майданлары есабына тийисли өзгерислер киргизиў тапсырылсын.
  5. Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссиясына усы шешим тийкарында қайтарып алынған жер майданларын ислеў мүмкиншилигине ийе фермер хожалығын шөлкемлестириўши пуқараларға ҳәм ҳәрекеттеги фермер хожалықларына қосымша етип бериў белгиленген тәртипте тендер жолы менен әмелге асырыў тапсырылсын.
  6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.

 

Кегейли  районы   ҳәкими:   Д.Утемуратов
31.03.2021 17:53:39 284