«DILMAN OY» пахта-ғәллешилик фермер хожалығы баслығы П.Хожаметовтиң район ҳәкимлигине фермер хожалығына ижараға берилген жер майданларын ҳǝкимият захира жер қоры есабына қайтарып алыў бойынша 2021-жыл 24-февраль күнги 1-санлы қатнас хаты ҳәм район аймағында жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның жуўмағын көрип шығып, Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниң 36-статьясы 1-пунктине муўапық, Кегейли районы ҳәкими
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :
- «DILMAN OY» пахта-ғәллешилик фермер хожалығының жер майданларын қайтарып алыў ҳаққындағы район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў бойынша комиссияның 2021-жыл «29»-март күнги жуўмағы мақуллансын.
- «Абат» АПЖ (Қ.Абибуллаев массиви) аймағында жайласқан «DILMAN OY» пахта-ғәллешилик фермер хожалығына район ҳәкиминиң 2017-жыл 2-сентябрь 640/6-09-санлы шешими менен шөлкемлестирилген ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң 2019-жыл 31-январь күнги 182/35-01-санлы шешими менен қосымша жер майданлар қосып берилген. Фермер хожалығының улыўма майданы 321,6 га, соннан; 159,3 га егислик жерлер, 94,7 га жайлаўлар, 20,1 га мелоратив ҳалатдағы жерлер, 22,8 га жап салма ҳам изейкешлер, 1,6 га жоллар ҳам шеллер, 23,1 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданларын ҳәкимият захира жер қоры есабына қайтарып алынсын.
- Қайтарып алынған жер майданлары аўыл хожалық картасындағы № 382, 383, 384, 385, 386, 387, 388, 390, 391, 392, 393, 394, 395, 396, 397, 398, 399, 488, 489, 490, 491, 492, 493, 494, 495, 496, 497, 378, 403, 356, 357, 489, 499, 500, 501, 502, 503, 504, 505, 506, 507, 508, 509, 510, 511, 512, 513, 517, 518, 355 -контурларда жайласқан улыўма 321,6 га жер майданы район ҳәкимлиги захира жер қоры есабына өткерилсин.
- «DILMAN OY» пахта-ғәллешилик фермер хожалығы жер участкасының узақ мүддетли ижара шәртнамасы бийкар етилсин.
- Район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссиясына усы шешим тийкарында қайтарып алынған улыўма 321,6 га жер майданын ислеў мүмкиншилигине ийе фермер хожалығын шөлкемлестириўши пуқараларға ҳәм ҳәрекеттеги фермер хожалықларына қосымша етип бериў белгиленген тәртипте тендер жолы менен әмелге асырыў тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.
Кегейли районы
ҳәкими: Д.Утемуратов