Кегейли районы, «Жүзим бағ» АПЖ (Халқабад массиви) аймағында жайласқан «AMIR DAWRAN» пахта-ғәллешилик фермер хожалығының жер майданларын ҳǝкимият жер қоры есабына қайтарып алыў ҳаққында

31.03.2021 17:34:33 171 Баспаға шығарыў

«AMIR DAWRAN» пахта-ғәллешилик фермер хожалығы баслығы Ж.Балтамбетовтың район ҳәкимлигине фермер хожалығына ижараға берилген жер майданларын ҳǝкимият жер қоры есабына қайтарып алыў бойынша арзасы ҳәм жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның жуўмағын көрип шығып, Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниң 36-статьясы 1-пунктине муўапық, Кегейли районы ҳәкими

 

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

 

  1. «AMIR DAWRAN» пахта-ғәллешилик фермер хожалығының жер майданларын қайтарып алыў ҳаққындағы район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў бойынша комиссияның 2021-жыл «29»-март күнги жуўмағы мақуллансын.
  2. «Жүзим бағ» АПЖ (Халқабад массиви) аймағында жайласқан «AMIR DAWRAN» пахта-ғәллешилик фермер хожалығына район ҳәкиминиң 2018-жыл 24-март күнги 314/1-03-санлы шешими менен ажыратылып берилген улыўма майданы 73,0 га, соннан; 51,1 га егислик жерлер, 4,9 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 1,9 га жоллар ҳǝм шеллер, 15,1 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жер майданларын  ҳәкимият жер қоры есабына қайтарып алынсын.
  3. Қайтарып алынған жер майданлары аўыл хожалық картасындағы №215, 229, 234, 240, 269, 228, 267ч, 235, 237, 241, 242-контурларда жайласқан улыўма 156,8 га жер майдан район ҳәкимлиги жер қоры есабына өткерилсин.
  4. «AMIR DAWRAN» пахта-ғәллешилик фермер хожалығы жер участкасының узақ мүддетли ижара шәртнамасы бийкар етилсин.
  5. Район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссиясына усы шешим тийкарында қайтарып алынған улыўма 156,8 га жер майданын ислеў мүмкиншилигине ийе фермер хожалығын шөлкемлестириўши пуқараларға ҳәм ҳәрекеттеги фермер хожалықларына қосымша етип бериў белгиленген тәртипте тендер жолы менен әмелге асырыў тапсырылсын.
  6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.

 

               Кегейли  районы

                    ҳәкими:                                           Д.Утемуратов

31.03.2021 17:34:33 172