Жаслар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў, оларды жәмийетлик-ҳуқықый ҳәм психологик қоллап-қуўатлаў, кәсип-ѳнерге үйретиў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў жумысларын нәтийжели шѳлкемлестириўдиң турақлы финанслық дереклерин ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин белгилеў ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 11-марттағы «Жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша ис-илажлар туўрысында»ғы 132-санлы ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл 19-март күнги 84-санлы қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Кегейли районы ҳәкимлиги
ҚАРАР ЕТЕДИ:
- Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 11-марттағы «Жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша ис-илажлар туўрысында»ғы 132-сан ҳәм де усы мазмундағы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл 19-март күнги 84-санлы қарарлары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
- Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы қарары менен:
а) «Жаслар дәптери»не киритилген жаслардың жәмийетлик-экономикалық машқалаларын шешиў мақсетинде районда «Жаслар дәптери»не киритилген жасларды қоллап-қуўатлаў фонды (кейинги орынларда- Фонд) шѳлкемлестирилгенлиги;
б) Фонд қаржылары тѳмендеги дереклер есабынан қәлиплестирилгенлиги:
Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, сондай-ақ, районлар жергиликли бюджетлеринде қәлиплестирилген қосымша дереклердиң кеминде 15 пайызы муғдарында ҳәр шеректе ажыратылатуғын қаржылар;
Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлар ҳүжжетлерин орынлаў системасын еледе тереңлестириў ис-илажлары туўрысында»ғы 2020-жыл 24-ноябрьдеги ПҚ-6118-санлы қарарының 12-бәнтинде белгиленген түсимлердиң усы қарардың 3-қосымшасына муўапық муғдардағы бѳлими;
шет ел (халықаралық) финанс институтлары ҳәм басқа шет ел донорларының техник жәрдем қаржылары ҳәм грантлары;
қәўендерлик қаржылар ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дереклер.
в) Фонд қаржылары:
«Жаслар дәптери»не киритилген материаллық жағдайы аўыр жасларға базалық есаплаў муғдарының (кейинги орынларда-БЕМ) 4 есеси муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем кѳрсетиўге;
жасларды исбилерменликке ҳәм кәсип-ѳнерге оқытыў бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў шѳлкемлерине сарпланған қәрежетлердиң 75 пайызға шекем бѳлегин қаплаўға бағдарлаў;
Бунда жасларды исбилерменликке оқытыў қәрежетлериниң ҳәр бир питкериўшиге БЕМның 4 есесинен артық болмаған бѳлеги, кәсип-ѳнерге оқытыў ушын сарпланған қәрежетлердиң бир айға шекем, бир айдан еки айға шекем, еки айдан артық мүддетли оқыў курслары ушын тийисли БЕМның 4,8,12 есесинен кѳп болмаған бѳлеги қапланыўы;
«Жаслар дәптери»не киритилген жасларға БЕМның 8 есесине шекемги муғдарда туқым ҳәм нәл сатып алыў ушын субсидия ажыратыўға;
«Жаслар дәптери»не киритилген жасларға исбилерменлик хызметин ҳәм ѳзин-ѳзи бәнт етиў мақсетинде натурар жайдың 12 айға шекемги ижара қәрежетлерин узағы менен бир жыл мүддетине БЕМның 25 есесине шекемги муғдарда қаплаўға;
«Жаслар дәптери»не киритилген жасларға исбилерменлик хызметин баслаў ҳәм ѳзин-ѳзи бәнт етиўге керекли болған әсбап-үскенелер ҳәм мийнет қуралларын сатып алыў ушын БЕМның 40 есесине шекемги муғдарда субсидия ажыратыўға;
мәмлекетимизде жоқары оқыў орынларында тәлим алып атырған «Темир дәптер»ге киритилген шаңарақ перзентлериниң тѳлем контракт суммасының 50 пайызына шекемги, бирақ БЕМ ның 50 есесинен артық болмаған муғдарында тѳлеп бериўге;
«Темир дәптер»ге киритилген шаңарақлардың жағдайы аўыр болған наўқас перзентлерине мәмлекетте яки шет ел мәмлекетлеринде емлениў менен байланыслы қәрежетлерин БЕМның 50 есесинен аспаған муғдарда қаплаўға;
психологик мәсләҳәтке мүтәж жасларға қәнийгелестирилген мәмлекетлик емес, комерциялық емес шѳлкемлер ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шѳлкемлери тәрепинен тѳлемли психологик хызмет кѳрсетиўи менен байланыслы болған қәрежетлерди қаплаўға;
жаслардың мүтәжликлери ҳәм тилеклерин үйрениў нәтийжелери бойынша олардың қәбилетлерин қоллап-қуўатлаў, бес әҳмийетли басламаны жүзеге шығарыў ҳәм оның шеңбериндеги илажларды қаржыландырыўға;
нызамшылық ҳүжжетлери менен белгиленген басқа да қаржыларды қаплаўға бағдарлаў;
г) Тѳмендегилер:
«Жаслар дәптери»не киритилген жасларды қоллап-қуўатлаў фонды ҳаққындағы үлги нызам 1-қосымшаға муўапық;
«Жаслар дәптери»не киритилген жасларды қоллап-қуўатлаў фонды Қәўендерлик кеңесиниң үлги дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықланғанлығы;
д) Фондтың дәрамат ҳәм қаржыларының жыллық параметрлерин, олардың орынланыўы ҳаққындағы жыллық есабатларды, жыллық ис-режелерди тастыйықлаў ҳәм де Фонд қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў менен байланыслы болған басқа ўәкилликлер «Жаслар дәптери»не киритилген жасларды қоллап-қуўатлаў фонды Қәўендерлик кеңеси (кейинги орынларда Қәўендерлик кеңес) тәрепинен әмелге асырылыўы;
район ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша биринши орынбасары-Қәўендерлик кеңеси баслығы, район ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары- Қәўендерлик кеңеси баслығы орынбасары, Жаслар ислери агентлигиниң район бѳлими баслығы- Қәўендерлик кеңеси жуўаплы хаткери есапланады.
Қәўендерлик кеңеси ағзалары «Жаслар дәптери» фондын басқарыў бойынша искерлигин жәмийетшилик тийкарда әмелге асырыў белгилеп қойылғанлығы;
е) Ѳзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Исбилерменликти раўажландырыў агентлиги, «Микрокредитбанк» акционерлик комерциялық банки, Жаслар ислери агентлиги ҳәм «Jaslar keleshegimiz» фонды менен биргеликте жасларды исбилерменликке оқытыў, бизнес жойбарларын ислеп шығыў ҳәм кредит алыўда кѳмеклесиў, кредит ажыратылғаннан кейин жаслар исбилерменлигин раўажландырыў бойынша әмелий жәрдем кѳрсетип барыў тапсырылғанлығы;
ж) Ѳзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң 3-қосымшасына муўапық айырым қарарларына ѳзгертиў ҳәм қосымшалар киритилгенлиги;
з) Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 26-февралдағы «Ѳзбекстан жаслар аўқамының халықаралық жаслар дем алыў орайын шѳлкемлестириў ҳаққында»ғы 143-санлы қарары ѳз күшин жоғалтқан деп есапланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 11-марттағы «Жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша ис-илажлар туўрысында»ғы 132-санлы қарары тийкарында «Жаслар дәптери»не киритилген жасларды қоллап-қуўатлаў фонды ҳаққындағы үлгили режеси 1-қосымшаға ҳәм Қәўендерлик кеңесиниң дизимин 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Районлық Қаржы бѳлими (К.Жиенбаев)не:
Район жергиликли бюджетинде қәлиплескен қосымша дереклердиң кеминде 15 проценти кѳлеминде ҳәр шеректе «Жаслар дәптери»не киритилген жасларды қоллап-қуўатлаў фондына бағдарлаў бойынша усыныс киритсин.
- Районлық Мәжбүрий орынлаў бюросына:
орынлаў ҳүжжетлери бойынша келип түскен қаржыларын алыўшылар ҳәм бюджет системасы, бюджетлер дәрежелери ортасындағы бѳлистирилиў қаржыларының белгиленген бѳлегин Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-ноябрдеги «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлар ҳүжжетлерин орынлаў системасын еледе тереңлестириў ис-илажлары туўрысында»ғы ПҚ-6118-санлы қарарының 12-бәнтинде белгиленген түсимлерди «Жаслар дәптери»не киритилген жасларды қоллап-қуўатлаў ушын ашылған есап бетлерине пропорционал тәртипте бағдарласын.
- Кегейли район ҳәкиминиң айырым қарарларына қосымшаға муўапык ѳзгертиўлер ҳәм қосымшалар киритилсин
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасарлары Н.Ещанов ҳәм Г.Қайповлар жуўапкершилигине жүкленсин.
Кегейли районы ҳәкими: Д.Утемуратов
Кегейли районы ҳәкиминиң
2021-жыл 23 – март күнги
125-03-санлы қарарына
1-қосымша
«Жаслар дәптери»не киритилген жасларды қоллап-қуўатлаў фонды ҳаққында
ҮЛГИЛИ РЕЖЕСИ
1-бап. Улыўмалық қағыйдалар
- Усы реже «Жаслар дәптери»не киритилген жасларды қоллап-қуўатлаў фонды» (кейинги орынларда — «Жаслар дәптери» фонды) жумысларын шөлкемлестириў, оның қаржыларын қәлиплестириў, олардан пайдаланыў, есап ҳәм есабатын жүритиў тәртибин белгилейди.
- «Жаслар дәптери» фонды белгиленген тәртипте халық депутатлары районлық Кеңеси қарарына муўапық шөлкемлестириледи.
- «Жаслар дәптери» фонды юридикалық шахс есапланбайды ҳәм оның қаржылары районлық ғазнашылық бөлиминде өз алдына ашылған жеке ғазна есап бетлеринде жыйналады.
2-бап. «Жаслар дәптери» фонды қаржыларын қәлиплестириў
- «Жаслар дәптери» фонды қаржылары төмендеги дереклер есабынан қәлиплестириледи:
Қарақалпақстан Республикасы бюджети, сондай-ақ, районлық жергиликли бюджетинде қәлиплескен қосымша дереклердиң кеминде 15 пайызы муғдарында ҳәр шеректе ажыратылатуғын қаржылар;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлар ҳүжжетлерин орынлаў системасын жәнеде жетилистириў
ис-илажлары ҳаққында»ғы 2020-жыл 24-ноябрдеги ПП-6118-санлы Пәрманының 12-бәнтинде белгиленген түсимлер усы Пәрманға 3-қосымшаға муўапық муғдарда;
шет ел (халық аралық) қаржы институтлары ҳәм басқа шет ел донорларының техникалық көмек қаржылары ҳәм грантлары;
қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа дереклер.
3-бап. «Жаслар дәптери» фонды қаржыларынан пайдаланыў
- «Жаслар дәптери» фонды қаржылары:
«Жаслар дәптери»не киритилген материаллық жағдайы аўыр болған жасларға базалық есаплаў муғдарының (кейинги орынларда — БЕМ) 4 есесине шекем муғдарда бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиўге;
жасларды исбилерменликке ҳәм кәсип-өнерге оқытыў бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине жумсалған қәрежетлериниң 75 пайызына шекем бөлегин қаплаўға. Бунда жасларды исбилерменликке оқытыў қәрежетлериниң ҳәр бир питириўшиге БЕМның 4 есесинен артық болмаған бөлеги, кәсип-өнерге оқытыў ушын жумсалған қәржетлердиң бир айға шекем, бир айдан еки айға шекем, еки айдан артық мүддетли оқыў курслары ушын тийислише БЕМның 4, 8, 12 есесинен көп болмаған бөлеги қапланады;
«Жаслар дәптери»не киритилген жасларға БЕМның 8 есесине шекем муғдарда туқым ҳәм нәллер сатып алыў ушын субсидия ажыратыўға;
«Жаслар дәптери»не киритилген жасларға исбилерменлик жумысы ҳәм де өзин өзи бәнт етиў мақсетинде натурар жайдың 12 айға шекемги ижара қәрежетлерин узағы менен бир жыл мүддетине БЕМның 25 есесине шекем муғдарда қаплаўға;
«Жаслар дәптери»не киритилген жасларға исбилерменлик хызметин баслаў ҳәм ѳзин-ѳзи бәнт етиўге керекли болған әсбап-үскенелер ҳәм мийнет қуралларын сатып алыў ушын БЕМның 40 есесине шекемги муғдарда субсидия ажыратыўға;
мәмлекетимизде жоқары оқыў орынларында тәлим алып атырған «Темир дәптер»ге киритилген шаңарақ перзентлериниң тѳлем контракт суммасының 50 пайызына шекемги, бирақ БЕМ ның 50 есесинен артық болмаған муғдарында тѳлеп бериўге;
«Темир дәптер»ге киритилген шаңарақлардың жағдайы аўыр болған наўқас перзентлерине мәмлекетте яки шет ел мәмлекетлеринде емлениў менен байланыслы қәрежетлерин БЕМның 50 есесинен аспаған муғдарда қаплаўға;
«Жаслар дәптери»не киритилген жасларға, әсиресе, жас шаңарақларға турақ жай ижарасы компенсациясына;
психологик мәсләҳәтке мүтәж жасларға қәнийгелестирилген мәмлекетлик емес, комерциялық емес шѳлкемлер ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шѳлкемлери тәрепинен тѳлемли психологик хызмет кѳрсетиўи менен байланыслы болған қәрежетлерди қаплаўға;
жаслардың мүтәжликлери ҳәм қәлеўлерин үйрениў нәтийжелери бойынша олардың қәбилетлерин қоллап-қуўатлаў, бес әҳмийетли басламаны жүзеге шығарыў ҳәм оның шеңбериндеги илажларды қаржыландырыўға;
нызамшылық ҳүжжетлери менен белгиленген басқа қәрежетлерин қаплаўға бағдарланады.
- «Жаслар дәптери» фонды қаржылары 5-бәнтте нәзерде тутылмаған мақсетлерге бағдарлаўға жол қойылмайды.
- Район ҳәкимлиги тәрепинен «Жаслар дәптери»не киритилген жасларды дәптерден шығарыў ушын орынланатуғын жумыслардың қаржылық дереклерин анық көрсетилген ҳәм де секторлар басшылары, тийис мәкемелер ҳәм шөлкемлер менен келисилген мәнзилли дизимлери қәлиплестириледи.
- «Жаслар дәптери» фонды қаржыларын қәлиплестириў, басқарыў ҳәм олардан пайдаланыў мақсетинде усы режеге муўапық жуўапкер мәкемелер басшылары ҳәм жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат қурамда Қәўендерлик кеңеси дүзиледи.
район ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары – Қәўендерлик кеңеси баслығы, район ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары – Қәўендерлик кеңеси баслығының орынбасары, Жаслар ислери агентлигиниң районлық бөлими баслығы – Қәўендерлик кеңеси жуўапкер хаткери есапланады;
Қәўендерлик кеңеси қурамы район ҳәкими тәрепинен тастыйықланады.
Қәўендерлик кеңеси баслығы ҳәм ағзалары «Жаслар дәптери» фондын басқарыў бойынша жумысларын жәмийетшилик тийкарда әмелге асырады;
Қәўендерлик кеңеси баслығы «Жаслар дәптери» фонды қаржыларын басқарыўшысы есапланады.
- «Жаслар дәптери» фондының исши органы – Жаслар ислери агентлигиниң районлық бөлими есапланады.
- «Жаслар дәптери» фонды қаржыларын қәлиплестириў ҳәм жумсаў Қәўендерлик кеңеси қарары тийкарында әмелге асырылады.
Қәўендерлик кеңеси жыйналыслары кеңес баслығы, «Жаслар дәптери» фонды исши органы басламасына тийкар ҳәм де зәрүрликке қарап, бирақ бир айда кеминде бир мәрте өткериледи.
- Қәўендерлик кеңеси баслығы Қәўендерлик кеңеси жыйналысларына басшылық етеди.
- Қәўендерлик кеңеси қарарлары Қәўендерлик кеңеси жыйналысы баянламасы менен рәсмийлестириледи.
- Қәўендерлик кеңеси:
«Жаслар дәптери» фондына улыўма басшылық етеди ҳәм оның жумысын қадағалайды;
«Жаслар дәптери» фондының дәрамат ҳәм қәрежетлери жыллық параметрлерин, олардың орынланыўы ҳаққындағы жыллық есабатларын, сондай-ақ, «Жаслар дәптери» фондына жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққындағы есабатларын тастыйықлайды;
«Жаслар дәптери» фондының жыллық ис режеси ҳәм бағдарламаларын тастыйықлайды;
«Жаслар дәптери» фонды қаржыларынан пайдаланыўда ашық айдынлықты тәмийинлейди;
«Жаслар дәптери» фонды қаржылары есабынан өз алдына илажларды қаржыландырыў тәртибин белгилейди;
«Жаслар дәптери» фондына Қәўендерлик қайырқомлары, сондай-ақ, шет ел донорлардың техникалық көмек қаржылары ҳәм грантларын әкелиўге көмеклеседи;
«Жаслар дәптери» фондына жүкленген ўазыйпаларды кеңес ағзалары арасына бөлистиреди;
«Жаслар дәптери» фонды жумысына тийисли мәселелерди көрип шығады ҳәм олар бойынша қарарлар қабыл етеди;
«Жаслар дәптери» фонды қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў менен байланыслы басқа ўәкилликлерди әмелге асырады;
«Жаслар дәптери» фонды жумысына байланыслы басқа мәселелерди көрип шығады ҳәм олар бойынша қарарлар қабыл етеди.
- «Жаслар дәптери» фондының исши органы:
«Жаслар дәптери» фондының жыллық ис режеси ҳәм бағдарламаларын ислеп шығады;
Қәўендерлик кеңеси жыйналыслары күн тәртибине киритилетуғын мәселелерди таярлайды, жыйналыс баянламасын жүритеди ҳәм рәсмийлестиреди;
Қәўендерлик кеңеси ағзаларына Қәўендерлик кеңеси жыйналысы ўақты ҳәм өткерилетуғын орны ҳаққында хабар береди;
мәмлекет тәрепинен берилген социаллық көмек ҳәм материаллық жәрдем ҳаққында мағлыўматларды «Жаслар дәптери»не киритилген жаслардың жеке тәртиптеги анкетасына түсирип барады;
«Жаслар дәптери»не киритилген жаслардың мүрәжатлары менен ислейди ҳәм көрип шығыў ушын Қәўендерлик кеңесине усынады;
Қәўендерлик кеңеси тәрепинен қабыл етилген қарар ҳаққында мүрәжатшыға хабар жибереди;
Қәўендерлик кеңеси қарары менен Исши органға қосымша ўазыйпалар жүклетилиўи мүмкин.
4-бап. «Жаслар дәптери» фонды қаржыларына пайдаланыў бойынша асап ҳәм есабат
- «Жаслар дәптери» фонды қаржыларына пайдаланыў бойынша есап ҳәм есабатлар район ҳәкимлиги есабат бөлимлери тәрепинен жүритиледи.
- Районлық қаржы органы тәрепинен бюджет орынланыўы есабатын қәлиплестириў дәўиринде «Жаслар дәптери» фонды есабаты ҳәм қабыл етиледи.
- Қәўендерлик кеңеси баслығы ҳәр шеректе «Жаслар дәптери» фонды дәраматлары ҳәм қәрежетлери орынланыўы ҳаққында халық депутатлары районлық Кеңесине есабат береди.
- «Жаслар дәптери» фондының усы жылда пайдаланылмай қалған қаржылары кейинги жылға өтеди ҳәм районлық жергиликли бюджетине алып қойылмайды.
5-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң Мәмлекетлик қаржылық қадағалаўы департаментиниң аймақлық басқармалары усы Реже шеңберинде районда әмелге асырылған жумыслар ушын ажыратылған қаржылар нәтийжели ҳәм мақсетли жумсалыўы үстинен қадағалаў орнатады.
- Усы реже талаплары бузылыўында айыпдар шахслар нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жуўап береди.
Кегейли районы ҳәкиминиң
2021-жыл 23 – март күнги
125-03-санлы қарарына
2-қосымша
«Жаслар дәптери»не киритилген жасларды қоллап-қуўатлаў фонды Қәўендерлик кеңесиниң
ҚУРАМЫ
Қ/с | Ф.А.Ә.а | Лаўазымы | |
1. | Н.Ещанов | – | Район ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары, Қәўендерлик кеңеси баслығы |
2. | Г.Қайпов | – | Район ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары, Қәўендерлик кеңеси баслығының орынбасары. |
3. | А.Сейтимбетов | – | Район ҳәкиминиң орынбасары, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы |
4. | А.Бекимбетов | – | Район прокуроры |
5. | И.Салиев | – | Районлық Ишки ислер бөлими баслығы |
6. | С.Даўлетбаев | – | Районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы |
7. | К.Жиенбаев | – | Районлық қаржы бөлими баслығы |
8. | П.Қошқарбаев | – | Районлық халық бәнтлигине көмеклесиў орайы директоры |
9. | Лаўазым бойынша | – | «Микрокредитбанк» АКБ ҚР аймақлық филиалының жаслар мәселеси бойынша орынбасары |
10. | Е.Бауетдинов | – | «Халық банк» АКБ районлық филиалы басқарыўшысы |
11. | С.Қалҳанов | – | «Агро банк» АКБ районлық филиалы басқарыўшысы |
12. | Б.Искендеров | – | Халық депутатлары районлық Кеңеси депутаты (келисим тийкарында) |
13. | Е.Мухамбетов | – | «Кегейли турмысы» газетасы редакторы
(келисим тийкарында) |
14. | А.Алланиязова | – | Районлық Халық билимлендириў бөлими баслығы |
15. | А.Тѳремуратов | – | Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы, Қәўендерлик кеңеси хаткери
|
Еслетпе: *Қәўендерлик кеңеси ағзалары басқа жумысқа өткен жағдайда, Қәўендерлик кеңеси қурамына усы лаўазымларға жаңадан тайынланған шахслар яки тийисли функцияларды орынлаў жүклетилген шахслар киритиледи.
**Микрокредитбанк» АТБ районлық филиалы бар болмаған районларда Қәўендерлик кеңеси қурамына «Микрокредитбанк» АКБ Қарақалпақсатан Республикасы жумысының жуўапкер хызметкери киритиледи.