Кегейли районы, «Қумшүнгил» АПЖ (Дәрўаза қум массиви) аймағында жайласқан «BOZ AUIL» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығының жер майданларыныӊ айрым бөлегин ҳǝкимият жер қоры есабына қайтарып алыў ҳаққында

03.03.2021 17:08:58 207 Баспаға шығарыў

«BOZ AUIL» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығы баслығы Қ.Оразбаевтың район ҳәкимлигине фермер хожалығына ижараға берилген жер майданларыныӊ айрым бөлегин ҳǝкимият жер қоры есабына қайтарып тапсырыў ҳаққындағы 2021-жыл 6-февраль күнги 1-санлы қатнас хаты ҳәм районы ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның ҳүжжетлерин көрип шығып, Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниң 36-статьясы 1-пунктине тийкарланып,  Кегейли районы ҳәкими

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның 2021-жыл «28»-февраль күнги жуўмағы мақуллансын.
  2. Кегейли районы, «Қумшүнгил» АПЖ (Дәрўаза қум массиви) аймағында жайласқан «BOZ AUIL» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығына район ҳәкиминиң 2000-жыл 16-март күнги 77/22-03-санлы шешими менен шөлкемлестирилген ҳәм Халық депуталлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2016-жыл 2-март күни 43/13-санлы шешимине тийкар айырым бөлеклери район ҳәкимият жер қорына қайтарылып алынған. Фермер хожалығың улыўма майданы 108,2 га, соннан; 90,5 га егислик жерлер, 9,3 га пишензар ҳǝм жайлаўлар, 3,5 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,6 га жоллар ҳǝм шеллер, 4,3 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жер майданлары ажыратылып берилген, соннан; аўыл хожалық картасындағы №499, 494, 495, 493, 500-контурларда жайласқан улыўма майданы 32,1 га, соннан; 30,2 га егислик жерлер, 0,3 га жайлаў жерлер, 1,0 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,2 га жоллар ҳәм шеллер, 0,4 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жер майданларын ҳәкимият жер қоры есабына қайтарып алынсын.
  3. «Қумшүнгил» АПЖ (Дәрўаза қум массиви) аймағында жайласқан «BOZ AUIL» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығының улыўма майданы 76,1 га, соннан; 60,3 га егислик жерлер, 9,0 га жайлаў жерлер, 2,5 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,4 га жол ҳәм шеллер, 3,9 га аўыл хожалығында пайдаланбайтуғын жер майданлары етип белгиленсин.
  4. Кадастр агентлигиниң Кегейли районы бөлими(Ж.Сейтназаров)не «BOZ AUIL» пахта-ғǝллешилик фермер хожалығының жер майданлары есабына тийисли өзгерислер киргизиў тапсырылсын.
  5. Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссиясына усы шешим тийкарында қайтарып алынған жер майданларын ислеў мүмкиншилигине ийе фермер хожалығын шөлкемлестириўши пуқараларға ҳәм ҳәрекеттеги фермер хожалықларына қосымша етип бериў белгиленген тәртипте тендер жолы менен әмелге асырыў тапсырылсын.
  6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.

 

Кегейли  районы ҳәкими                                                           Д.Утемуратов

03.03.2021 17:08:58 208