Кегейли районы «Ақтуба» АПЖ (М.Жуманазаров массиви) аймағында жайласқан «BATIR RUSTEM» пахта-ғәллешилик фермер хожалығыныӊ жер майданларын ҳакимият захира жер қоры есабына қайтарып алыў ҳаққында

03.03.2021 17:04:53 342 Баспаға шығарыў

«BATIR RUSTEM» пахта-ғәллешилик фермер хожалығы баслығы С.Турениязовтың район  ҳәкимлигине фермер хожалығына ижараға берилген жер майданларын ҳǝкимият захира жер қоры есабына қайтарып алыў бойынша 2020-жыл 24-ноябрь күнги 6-санлы қатнас хаты ҳәм жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның жуўмағын көрип шығып, Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниң 36-статьясы 1-пунктине муўапық, Кегейли районы ҳәкими

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. «BATIR RUSTEM» пахта-ғәллешилик фермер хожалығының жер майданларын қайтарып алыў ҳаққындағы район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў бойынша комиссияның 2021-жыл «1»-март күнги жуўмағы мақуллансын.
  2. «Ақтуба» АПЖ (М.Жуманазаров массиви) аймағында жайласқан «BATIR RUSTEM» пахта-ғәллешилик фермер хожалығына район ҳәкиминиң 2019-жыл 30-январь күнги 182/14-01-санлы шешими менен ажыратылып берилген улыўма майданы 193,1  га, соннан 63,5  га егислик жерлер, 93,7 га жайлаўлар, 12,5 га жап салмалар, 3,2 га жоллар ҳǝм шеллер, 20,2 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданларын  ҳәкимият захира жер қоры есабына қайтарып алынсын.
  3. Қайтарып алынған жер майданлары аўыл хожалық картасындағы № 385, 372, 386, 387, 403, 402, 391, 392, 394, 393, 395, 396, 401, 400, 397, 398, 399, 404, 378а, 373, 321, 318, 317, 319, 316, 320, 323, 325, 326, 327, 328, 314-контурларда жайласқан улыўма 193,1 га жер майдан район ҳәкимлиги захира жер қоры есабына өткерилсин.
  4. «BATIR RUSTEM» пахта-ғәллешилик фермер хожалығы жер участкасының узақ мүддетли ижара шәртнамасы бийкар етилсин.
  5. Район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссиясына усы шешим тийкарында қайтарып алынған улыўма 193,1 га жер майданын ислеў мүмкиншилигине ийе фермер хожалығын шөлкемлестириўши пуқараларға ҳәм ҳәрекеттеги фермер хожалықларына қосымша етип бериў белгиленген тәртипте тендер жолы менен әмелге асырыў тапсырылсын.
  6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.

 

                  Кегейли  районы ҳәкими:                                                Д.Утемуратов

03.03.2021 17:04:53 343