Кегейли районы, «Жүзим бағ» аўыл пуқаралар жыйыны (Халқабад массиви) аймағында жасаўшы пуқара Довкенов Багтыбай Реченовичқа дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер майданын ажыратып бериў ҳаққында

31.01.2021 16:53:36 199 Баспаға шығарыў

Кегейли районы, «Жүзим бағ» АПЖ Жети төле елатында жасаўшы  пуқара Довкенов Багтыбай Реченовичтың  район ҳәкимлиги захира жер қоры есабынан  дийқан хожалығын жүргизиў ушын  жер майданын ажыратып бериў ҳаққындағы 2021-жыл 5-январь күнги арзасы, район ҳәкимлиги  жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин  көрип шығыў комиссиясы тәрепинен таярланған жуўмағын көрип шығып  ҳǝм  Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниң 55-статьясына тийкарланып Кегейли районы  ҳәкими

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

  1. Кегейли район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссиясының 2021-жыл «28»-январь күнги жуўмағы мақуллансын ҳәм пуқара Довкенов Багтыбай Реченовичтиң арзасы қанаатландырылсын.
  2. Кегейли районы, «Жүзим бағ» АПЖ (Халқабад массиви) аймағынан аўыл хожалық картасындағы № 10424ч контурда жайласқан 0,20 га аўыл хожалығында пайдаланбайтуғын басқа жер майданы пуқара Довкенов Багтыбай Реченовичқа дийқан хожалығын жүргизиў ушын мийрас етип қалдырылатуғын  өмирлик ийелик етиўге ажыратылсын.
  3. Өзбекстан Республикасының «Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы Нызамы талаплары тийкарында районлық Мәмлекетлик салық инспекциясына, Статистика бөлимине өз ўақтында есап-санақ жумысларын алып барыў, дийқан хожалығы баслығына ажыратылған жер майданға қурылыс жүргизбеўдиң ҳәм жерден нәтийжели пайдаланбаса ажыратылып берилген жер майданы нызамда белгиленген тǝртипте қайтарып алып қойылатуғынлығы ескертилсин.
  4. Кегейли районы Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлими (А.Тилеулесов)не дийқан хожалықлары ушын ажыратылған жер майданын белгилеп бериў ҳәм районлық жер балансына тийисли өзгерислер киргизиў тапсырылсын.
  5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.

 

                  Кегейли  районы ҳәкими:                                                      Д.Утемуратов

31.01.2021 16:53:36 200