Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниӊ 6-статьясын, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2018-жыл 27-июндағы ПП-5466-санлы Пәрманын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2018-жыл 27-ноябрдеги 962-санлы қарарын басшылыққа алып, Кегейли районында реализация қылынатуғын жойбарлардыӊ мәнзилли дизимине муўапық, «Кегейли ЖБИ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ 2020-жыл 15-сентябрдеги 8-санлы хатын, Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлиги жанындағы архитектура-қаласазлық кеӊесиниӊ 2020-жыл 04-декабрдеги 65-20/б-санлы баянламасын, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2019-жыл 28-январдағы 63-санлы қарары менен тастыйықланған «Жер участкаларын мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәжликлери ушын бериў тәртиби ҳаққында»ғы нызамына тийкар «YERELEKTRON» автоматласқан мағлыўмат дизими арқалы Y-1735212/839-8776-санлы жер участкасына ўәкилликли органлар тәрепинен берилген жуўмақларын көрип шығып, Кегейли районы ҳәкими
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Кегейли районында реализация қылынатуғын жойбарлардыӊ мәнзилли дизимине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлиги жанындағы архитектура-қаласазлық кеӊесиниӊ 2020-жыл 04-декабрдеги 65-20/б-санлы баянламасы, «YERELEKTRON» автоматласқан мағлыўмат дизими арқалы Y-1735212/839-8776-санлы жер участкасына ўәкилликли органлар тәрепинен берилген жуўмақлар мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районында реализация қылынатуғын жойбарлардыӊ мәнзилли дизимине муўапық, «Кегейли ЖБИ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине «Темир бетон өнимлерин ислеп шығарыў» объекти қурылысы ушын Кегейли районы «Жүзим бағ» аўыл пуқаралар жыйыны «Басар» елатлы пункти аймағында (аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын)ғы, районлық захира жер есабында турған, аўыл хожалық картасыныӊ 8877б-контурында жайласқан, 1,0 га жер майданы турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратып берилсин.
- Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниӊ 36-статьясы 10-бәнти талапларына тийкар жер майданынан 2 (еки) жыл мүддет ишинде пайдаланылмаса жерден пайдаланыў ҳуқықы бийкар етилсин.
- Кегейли районы қурылыс бөлими (Н.Отепова)не архитектура-режелестириў тапсырмаларын таярлаў тапсырылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы «Жермүлккадастр» мәмлекетлик кәрханасы Кегейли районы филиалы (Д.Рустемов)на ажыратып берилген жер участкасына болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимге алыў тапсырылсын.
- Кегейли районы жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлими (Ж.Сейтназаров)не районлық жер қоры есабына тийисли өзгерис киргизиў тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасары Н.Ещановқа жүкленсин.
Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов