«QOSHQARBAY BAGI» бағшылық фермер хожалығы баслығы Қ.Жаңабаевтиң район ҳәкимлигине фермер хожалығына ижараға берилген жер майданларын ҳǝкимият захира жер қоры есабына қайтарып алыў бойынша 2021-жыл 6-январь күнги 1-санлы қатнас хаты ҳәм жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның жуўмағын көрип шығып, Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниң 36-статьясы 1-пунктине муўапық, Кегейли районы ҳәкими
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :
- «QOSHQARBAY BAGI» бағшылық фермер хожалығының жер майданларын қайтарып алыў ҳаққындағы район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў бойынша комиссияның 2021-жыл «27»-январь күнги жуўмағы мақуллансын.
- «Қумшүнгил» АПЖ (Дәрўаза қум массиви) аймағында жайласқан «QOSHQARBAY BAGI» бағшылық фермер хожалығына район ҳәкиминиң 2017-жыл 15-февраль күнги 97-02-санлы шешими менен ажыратылып берилген улыўма майданы 5,3 га, соннан; 5,0 га егислик жерлер, 0,2 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,1 га жоллар ҳәм шеллерден ибарат болған басқа жер майданларын ҳәкимият захира жер қоры есабына қайтарып алынсын.
- Қайтарып алынған жер майданлары аўыл хожалық картасындағы №1238, 1239ч, 1224ч-контурларда жайласқан улыўма 5,3 га жер майданы район ҳәкимлиги захира жер қоры есабына өткерилсин.
- «QOSHQARBAY BAGI» бағшылық фермер хожалығы жер участкасының узақ мүддетли ижара шәртнамасы бийкар етилсин.
- Район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссиясына усы шешим тийкарында қайтарып алынған улыўма 5,3 га жер майданын ислеў мүмкиншилигине ийе фермер хожалығын шөлкемлестириўши пуқараларға ҳәм ҳәрекеттеги фермер хожалықларына қосымша етип бериў белгиленген тәртипте тендер жолы менен әмелге асырыў тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.
Кегейли районы ҳәкими: Д.Утемуратов